НМПИде қазақ тили ҳәм әдебияты бойынша республикалық пән олимпиадасы жуўмақланды. Ким жеңимпаз болды?
Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 13-14-май күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қазақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша пән олимпиадасының II басқышы болып өтти.
Оған Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты, Гүлистан мәмлекетлик университети, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қазақ тили ҳәм әдебияты бағдарларының студентлери қатнасты. Олимпиада күн тәртибине муўапық, барлық қатнасыўшылар дәслепки күни қазақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша жазба жумыс, көркемлеп оқыў, екинши күни болса презентация, тест жумысы сыяқлы имтиханларда өз билим ҳәм көнликпелерин сынап көрди. ![]() Пән олимпиадасы жуўмағына муўапық, 4 басқыш жуўмағы бойынша улыўма 315,6 балл топлаған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2-курс студенти Наргиза Аяпова 1-орынды ийеледи. ![]() ![]() Улыўма 292,6 балл топлаған Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети 2-курс студенти Абдуваҳид Мажитов 2-орынды, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты 3-курс студенти Шалқар Жақсылықов 287,8 балл менен 3-орынды ийеледи. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Президент «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасынан кимлерди сыйлықлады?04-мар, 2021 жыл.
119
0
Наўрыз байрамы қарсаңында берилетуғын дем алыс күнлери ҳаққында мағлыўмат жәрияланды04-мар, 2021 жыл.
126
0
Елликқаладағы спорт мектебинде бюджет қаржылары нызамға қайшы тәризде өзлестирилгени анықланды04-мар, 2021 жыл.
63
0
«Өзбегим ҳаялы» миллий сыйлығына Қарақалпақстаннан ким ылайықлы деп табылды?04-мар, 2021 жыл.
125
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|