НМПИде «Шет тиллерин оқытыўда инновациялар: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти![]() Бүгин, 14-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжилислер залында «Шет тиллерин оқытыўда инновациялар: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Илажды институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов ашып берди ҳәм басқарып барды. Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисинде сырт елли студентлер ушын «Fullbright» бағдарламасының ассистент-оқытыўшысы Мина Гавелл «Empowering Teachers, Empowering Students», институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти Дина Мамырбаева «Professional Development of English teachers: Uzbekistan experience», институттың шет тиллери факультети студенти Икрам Халмуратов «ICT in teaching English» атамаларындағы баянатларын жасады. ![]() Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта шет тиллери, әсиресе, инглис тилин үйрениў, оны оқытыўдың заманагөй усылларын өзлестириў үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Өйткени, дүнья жүзилик илим тили сыпатында инглис тили алып қаралмақта. Дүньялық әҳмийетке ийе жаңалықлар, илимий изертлеў жумыслары усы тилде алып барылмақта. Сол себепли де, елимизде Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм басламасы менен шет тиллерин, әсиресе, инглис тилин үйрениўге айырықша дыққат аўдарылмақта. Бунда сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм жергиликлилестириўдиң де әҳмийети үлкен. ![]() Ҳәзирги ўақытта билимлендириў орынларында, әсиресе, жаңадан шөлкемлестирилип атырған Президент мектеплеринде Президентимиздиң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, улыўмалық орта билим бериўдиң жаңа мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм оқыўлық бағдарламалары, соның ишинде, STEAM усылын жетилистириў ҳәм басқышпа-басқыш енгизиў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта. Бирақ, солай болса да оқытыўда алдынғы информациялық-коммуникациялық технологияларды қолланыўда айырым машқалалар да орын алмақта. Конференцияда усы машқалаларды сапластырыў ҳәм алдағы ўақытларда шет тиллерин оқытыў бойынша жетилискен усылларды әмелиятқа енгизиў бойынша усыныслар билдирилди. Конференция секцияларда өз жумысын даўам еттирди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Президент «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасынан кимлерди сыйлықлады?04-мар, 2021 жыл.
119
0
Наўрыз байрамы қарсаңында берилетуғын дем алыс күнлери ҳаққында мағлыўмат жәрияланды04-мар, 2021 жыл.
126
0
Елликқаладағы спорт мектебинде бюджет қаржылары нызамға қайшы тәризде өзлестирилгени анықланды04-мар, 2021 жыл.
63
0
«Өзбегим ҳаялы» миллий сыйлығына Қарақалпақстаннан ким ылайықлы деп табылды?04-мар, 2021 жыл.
125
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанның өмири темирге уқсайды. Оны қоллансаң жылтырайды, ал пайдаланбасаң тат басып қалады
Катон
|