Халықаралық шаңарақ күнине арналған ушырасыў болып өтти![]() Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «15-май – Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды. Ушырасыўға «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы М.Өтепбергенов, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша бөлим баслығы Қ.Нуратдинов, Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты баслығының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Т.Досымбетова және ерли-зайыплы бақсылар Ерисбай Асқаров ҳәм Айымхан Наўрызбаевалар қатнасты. ![]() Елимизде шаңараққа үлкен жәмийетлик буўын сыпатында итибар қаратылмақта. Себеби, келешек ийелери шаңарақта тәрбияланады, кәмалға келеди. Шаңарақ ҳәм оның әҳмийети ҳаққында тәрбияны балаларға мектепке шекемги дәўирден баслап бериў кереклиги ушырасыўда сөзге шыққанлар тәрепинен атап өтилди. Әсиресе, бул бойынша барлық балалар бақшаларында 4-6 жастағы балалар ушын ҳәр күни 10-15 минут әтирапында шаңарақ тийкарлары бойынша ойын формасында тәлим-тәрбия берилип атырғаны унамлы баслама болып табылады. Сондай-ақ, усы жылдың сентябрь айынан баслап 1-4-класс оқыўшылары арасында шаңарақ тийкарлары, 5-11-класс оқыўшылары арасында шаңарақ этикасы ҳәм психологиясы пәнлерин оқытыў жобаластырылмақта. ![]() Бундай әмелий ҳәрекетлердиң алып барылып атырғанына қарамастан, жаслар арасында шаңарақлық жуўапкершилик ҳаққында түсиник пайда болмай атырып ерте турмыс қурыў жағдайларының ушырап атырғаны, буның ақыбетинде ажырасыўлар саны да көбейип баратырғаны сынға алынды. «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы М.Өтепбергеновтың мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта орташа есапта күнине 12-15 адам ажырасыў бойынша мүрәжат етпекте. Солай болса да, орай тәрепинен өткен бир жылдың ишинде усындай ажырасыў алдында турған 1300 шаңарақ өз-ара жарастырылды. ![]() Соның менен бирге, жасларды шаңараққа таярлап барыў мақсетинде Жаслар орайы қасынан Жас келин-күйеўлер инновациялық мектеби өз жумысын баслады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 40 тан аслам жас келин-күйеўлер ҳәм енди турмыс қурыў нийетинде болған жаслар шаңарақ экономикасы, психологиясы, диний саўатлылық ҳәм шаңарақтың ҳуқықый тийкарлары бағдарлары бойынша оқытылып, әмелий көнликпелерге ийе болмақта. Ушырасыў шаңарақ қурыў, оның беккемлигин сақлаў, ата-ананы ҳүрметлеў темаларындағы сораў-жуўаплар менен даўам етти. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
266
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
158
0
Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи25-фев, 2021 жыл.
84
0
Видео. Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров Беларусь чемпионы үстинен жеңиске еристи25-фев, 2021 жыл.
93
0
25-февраль күни Ташкенттен Қарақалпақстанға ҳәрекетленетуғын автобус рейслери бийкар етилди25-фев, 2021 жыл.
78
0
«Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында кимлер жеңимпаз болды? (толық дизим)24-фев, 2021 жыл.
174
0
Қазақстанның «ТОП-500»ликке кирген жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилди24-фев, 2021 жыл.
107
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|