Нөкистеги Президент мектебине ҳүжжетлер қай жерге тапсырылатуғыны белгили болды![]() Нөкис қаласындағы Президент мектебине ҳүжжетлер Нөкис қаласы, Аллаяр Досназаров көшеси, Ибрайым Юсупов атындағы Мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында қабыл етиледи. Ҳүжжетлерди қабыллаў процесси 2019-жыл 1-июньнан 22-июньға шекемги аралықта болып өтеди. Қабыллаў 22-июнь күни саат 17:00 де жуўмақланады. 17:00 ден баслап ҳүжжетлер қабыл етилмейди ҳәм көрип шығылмайды. Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде талабанлар Президент мектеплериниң pm.xtv.uz сайтына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Онлайн қабыллаў 21-июнь күни саат 24:00 де жуўмақланады. Сондай-ақ, +99871 2077222 телефон номерине қоңыраў етиў арқалы Президент мектебине қабыллаў бойынша толық мағлыўмат алыў мүмкин. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|