Бухарада 4,7 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди![]() 29-май күни түнде Өзбекстан аймағында 4,7 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди. Жер силкиниўиниң эпицентри 2 км тереңликте жайласқан болып, оған ең жақын қала 37 километр қашықлықтағы 11 мың халыққа ийе Газли қаласы болған. Келтирилген зыянлар ҳәм жәбирленгенлер ҳаққында мағлыўматлар келтирилмеген. Еслетип өтемиз, 1976-жылдың 8-апрель және 17-май сәнелеринде, сондай-ақ, 1984-жылдың 20-мартында Газлиде күшли жер силкиниўи жүз берген болып, қалаға көп муғдарда зыян жеткен. 8 жыл ишинде 7 магнитудадан жоқары болған үш мәрте жер силкиниўи дүнья сейсмологиясы тәжирийбесинде сийрек ушырасады. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |