Қырғызстан ҳәм Тәжикстан шегарасында 5,3 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди![]() Бүгин, 1-июль күни Қырғызстан ҳәм Тәжикстан шегарасында 5,3 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди, деп хабар берди TASS. «5,3 магнитудалы жер асты силкиниўи саат 07:14 те байқалған. Жер силкиниў орайы 12 километр тереңликте жайласқан. Жер силкиниўи ақыбетинде жәбирленген жоқ, деп келтириледи хабарда. Сахибжамал Есемуратова |