Өрт қәўипсизлиги басқармасы «Мойнақта төрт пуқараның үйине өрт тийип, жанып кеткени» ҳаққындағы мүрәжатқа жуўап берди![]() Усы жылдың 6-сентябрь күни Kar24.uz телеграм каналында Мойнақ районында жасайтуғын, өзиниң ким екенлигин толық атап көрсетпеген пуқараның районда өрт өшириў машиналарының жетиспейтуғынлығы ҳәм буның ақыбетинде мүлклерге зыян тийип, төрт пуқараның турақ жайына өрт тийип, жанып кеткени ҳаққындағы мүрәжаты жәрияланған еди. Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызмети мүрәжатта келтирилген жағдайларға анықлық киргизди. Бизге мәлим етиўинше, усы жылдың 29-август күни саат 11:47 де «101» номерине Мойнақ районы Жалимбетов көшеси бойында жайласқан 1985-жылы туўылған пуқара С.М.ға тийисли вагонда өрт жүз бергени ҳаққында хабар берилген. Өрт жүз берген орынға Мойнақ районлық өрт-қутқарыў бөлиминен 2 экипаж жетип барған. Өрт ақыбетинде 21 квадрат метрлик вагон ишиндеги қурылыс материалларынан қуралған мүлклер зыянланған. Сондай-ақ, вагонға қоңсылас жайласқан 1946-жылы туўылған пуқара Д.Х.ның Жалимбетов көшеси 51-жайының 6 квадрат метрлик бастырмасы өрттен зыянланған (мүрәжатта жазылғанындай төрт жай емес). «101» номерине өрт ҳаққында кеш хабар берилген ҳәм вагон ишинде тез жанып кететуғын қурылыс материаллары (бояўлар) болғаны ушын өрт тез күшейип кеткен. Өрт-қутқарыў экипажы жетип барғанда вагон өртенип, қоңсылас жайға өтип атырған болған. Жағдайға дурыс баҳа берилип, өртти өшириўдиң шешиўши бағдары дурыс таңланып, өрттиң тарқалыўы сапластырылған ҳәм өрт қоршап алынып, өширилген. Нәтийжеде 1946-жылы туўылған пуқара Д.Х.ның 40 квадрат метрлик турақ жайының 34 квадрат метри ҳәм үйиниң ишинде болған барлық мүлклери өрт-қутқарыў хызметкерлери тәрепинен эвакуацияланып, өрттен сақлап қалынған. Өрт қәўипсизлиги тараўындағы ҳүкиметлик қарарларда өрт өшириў депосы ҳәм өрт өшириў автомобильлери менен басқышпа-басқыш тәмийинлеў көрсетилген. Ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги хызметинде 5 заманагөй өрт өшириў депосы қурылды ҳәм 12 заманагөй автомобиль менен тәмийинленди. Усы нормативлик ҳүжжетлерге муўапық Мойнақ районында да жаңа өрт өшириў депосын қурыў ҳәм заманагөй өрт өшириў автомобильлери менен тәмийинлеў белгиленген. Ҳәзирги ўақытта районның өрт-қутқарыў бөлиминде 2 жаўынгерлик, 1 резервтеги өрт өшириў автомобили бар. Сондай-ақ, жақында қамыслықлардағы өртлерди өшириўге арналған өрт өшириў қайығы да есапқа қойылған. Kar24.uz телеграм каналында жәрияланған пуқараның мүрәжатында «төрт пуқараның үйине өрт тийип, жанып кеткен» деп надурыс мағлыўмат келтирилген. Сол себепли, Өрт қәўипсизлиги басқармасы мүрәжатларға анықлық киргизип, кейин жәриялаўды, буның ушын биргеликте ислесиўге тайын екенлигин мәлим еткен. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
266
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
158
0
Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи25-фев, 2021 жыл.
84
0
Видео. Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров Беларусь чемпионы үстинен жеңиске еристи25-фев, 2021 жыл.
93
0
25-февраль күни Ташкенттен Қарақалпақстанға ҳәрекетленетуғын автобус рейслери бийкар етилди25-фев, 2021 жыл.
78
0
«Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында кимлер жеңимпаз болды? (толық дизим)24-фев, 2021 жыл.
174
0
Қазақстанның «ТОП-500»ликке кирген жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилди24-фев, 2021 жыл.
107
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|