Жоқары оқыў орынларында контракт пулын төлеўдиң ең соңғы мүддети белгиленди![]() 2019-2020-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының бакалавриатына төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын төлем пулын өткериў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 15-октябрь етип белгиленди, деп жазбақта «Дарё». Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, төлемли контракт тийкарында оқып атырған жоқары курс студентлери ушын контракт төлемлерин төлеў мүддетлери жоқары оқыў орынларының ректорлары (филиал директорлары) тәрепинен узайтылады. Еслетип өтемиз, 2019-2020-оқыў жылынан Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында төлемли контракт муғдарлары орташа 18 процентке көбейтилген. Соның менен бирге, студентлер төлемли контрактты «стипендиясыз» көринисте, сондай-ақ, айма-ай бөлип төлеўи де мүмкин болды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|