Муғаллимлер ушын автокредит бериледи![]() Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен муғаллимлер ушын автокредитлер акциясы жәрияланды, деп жазбақта Қарақалпақстан хабар агентлиги. UzAuto Motors компаниясы Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүәсибети менен улыўма билим бериў, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшылары ушын Chevrolet Spark ҳәм Lacetti автомобильлерине акция жәрияланды. 6 ай ҳәм 1 жыллық мүддет. Акция төмендеги шәртлерде мүддетли төлем есабынан сатып алыў имканиятын береди: Chevrolet Spark – 70% алдын ала төлем, мүддети 6 ай; Lacetti 3-позиция – 60% алдын ала төлем, мүддети 1 жыл; Мүддетли төлемге автомобиль сатып алыў ушын қарыйдар жоқарыда көрсетилген билимлендириў мәкемесиниң оқытыўшысы екенлиги ҳаққындағы ҳүжжетти көрсетиўи шәрт. Бул акцияның тийкарғы шәртлеринен бири автомобильди гиреўге қойыў ҳәм қәўип-қәтерден қамсызландырыў. Шәртнаманы төмендеги диллер кәрханаларынан алыўға болады: «AS SERVIS» тармақларының дилерлик кәрханалары «Sergeli Avtotexxizmat» АЖ «Nurafshon Avtocentr» ЖШЖ «Qaraqalpaqavtotexxizmet» ЖШЖ Акция мүддети 30-сентябрьге шекем. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|