Беруний районында пуқараның турақ жайында өрт келип шықты. Үй ийеси қайтыс болды![]() Усы жылдың 24-сентябрь күни саат 15:47 де Беруний районы «Наўайы» АПЖ аймағында жасайтуғын 1967-жылы туўылған пуқара Т.Я. ның турақ жайында өрт келип шыққаны ҳаққында хабар келип түскен. Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, экипаж өрт жүз берген орынға саат 15:53 те жетип барған ҳәм өрт сапластырылған. Өрт ақыбетинде пуқара Т.Я.ның 50 квадрат метрлик жайының төбеси ҳәм үй үскенелери өрттен зыянланған. Сондай-ақ, үй ийеси Т.Я. түтиннен зыянланып, емлеўханаға алып кетилген ҳәм қайтыс болған. Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себеби ҳәм келтирилген зыян муғдары анықланбақта. Хабарда жазылыўынша, өрт жүз берген орынға шекемги аралық 4 километр болып, өртти өшириўге 3 өрт өшириў экипажы қатнасқан. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
266
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
158
0
Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи25-фев, 2021 жыл.
84
0
Видео. Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров Беларусь чемпионы үстинен жеңиске еристи25-фев, 2021 жыл.
93
0
25-февраль күни Ташкенттен Қарақалпақстанға ҳәрекетленетуғын автобус рейслери бийкар етилди25-фев, 2021 жыл.
78
0
«Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында кимлер жеңимпаз болды? (толық дизим)24-фев, 2021 жыл.
174
0
Қазақстанның «ТОП-500»ликке кирген жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилди24-фев, 2021 жыл.
107
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|