Нызамға қайшы келетуғын комментарийлерди өшириў ушын интернет журналистлерине 24 саат ўақыт бериледи![]() «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы Нызамның 12-1-статьясына муўапық, веб-сайттың ийеси, блогерлер өзлериниң веб-ресурсларынан жынайый ямаса басқа жуўапкершиликке себеп болатуғын ҳәрекетлерди әмелге асырыў мақсетинде пайдаланыўына жол қоймаў, бундай жағдайлар жүз бергенде нызамға қайшы келетуғын информацияларды дәрҳал өшириўи шәрт екенлиги белгиленген, деп жазады Daryo.uz. Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен информация майданында шахс ҳәм жәмийет мәплерин қорғаў, интернет ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер веб-сайтларына нызамға қайшы келетуғын комментарийлер жазылғанда, оларды анықлаў ҳәм өширип таслаўды системасы түрде шөлкемлестириў бойынша тийисли норматив-ҳуқуқый ҳүжжет жойбары ислеп шығылды. Бундай жағдай анықланғанда, Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен хабар жибериледи. «Веб-сайт ямаса messenjer бетлериниң ийеси, блогер хабарнама алынған ўакыттан баслап 24 сааттан кешиктирместен Өзбекстан нызамшылығына қайшы келетуғын информацияны өширип таслаўы ҳәм бул ҳаққында Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигине хабар бериўи керек», – дейди агентликтиң баспасөз хаткери Ҳикматулла Убайдуллаев. Сахибжамал Есемуратова Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
116
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
119
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
125
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәрдайым излениң. Бүгин алтын излесеңиз мыс табасыз. Ертең мыс излесеңиз алтынға ерисесиз
|