Қарақалпақстанда бүгинги күнге шекем 1 қалта ун 110 мың сўмнан нызамсыз түрде сатылғанлығы анықланды![]() «Қарақалпақстан Дән өнимлери» кәрханасы ҳәмелдар шахслары 87 500 сўмнан сатылыўы белгиленген 6 134 қалта унды 2018-жылдың сентябрь айынан усы жылдың июнь айына шекем «X» шаңарақлық кәрханасына 110 000 сўмнан есаплап, жәми 674,7 миллион сўмға сатқан, деп хабар берди Бас прокуратура. Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў жумысларында ҳәр бир қалта ун 110 000 сўмнан сатылыўы ақыбетинде кәрхана ҳәмелдарлары 138 миллион сўм пулды өзлери ушын сарплап жибергенлиги анықланды. Жағдай бойынша «Қарақалпақстан Дән өнимлери» АЖ ҳәмелдар шахсларына жынаят иси ашылған. Сахибжамал Есемуратова Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
125
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
131
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|