SpaceX ҳәм Tesla тийкарын салыўшысы Илон Маск жақында сатып алған Twitter бойынша өз жобалары менен бөлисти. Бул ҳаққында The New York Times миллиардердиң инвесторлар ушын көргизбесине тийкарланып хабар берди.
Мағлыўматларға қарағанда, Маск 2028-жылға шекем Twitterдиң жыллық дәраматын 26,4 миллиард долларға арттырыўды жобаластырған. 2021-жылда компанияның дәраматы 5 миллиард доллар еди.
Бизнесмен бул нәтийжени 5 еседен көбирекке арттырмақшы. Сондай-ақ, Маск Twitterдиң дәраматын рекламаға байланыслы екенлигин азайтыў мақсетинде екенлиги хабар етилди. Буннан тысқары, оның пикиринше, 2028-жылда социаллық тармақ пайдаланыўшылар саны 932 миллионға жетеди.