«Reuters» агентлигиниң Даниш Сиддиқий, Аднан Абиди, Амид Дейв ҳәм Санна Иршад Моттолардан дүзилген фотографлар топары Ҳиндистандағы COVID-19 пандемиясы сәўлелендирилген сүўретлери ушын «Көркем фотография» жөнелисинде Пулитцер сыйлығына мүнәсип деп табылды.
Лауреатлардан бири — Даниш Сиддиқий Аўғанстанда өткен жылы редакция тапсырмасын орынлаў ўақтында дүньядан өткен.