Telegram karinform

Спорт

  • 04.06.2022 12:00
  • 844

Қарақалпақ палўаны Жалғасбай Бердимуратов халықаралық турнирде бронза медалын жеңип алды

 

Қазақстан Республикасының Алматы қаласында еркин, грек-рим ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша Болат Турлыханов естелигине арналған халықаралық рейтинг турнири болып өтпекте.

 

Турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан қарақалпақ палўаны Жалғасбай Бердимуратов 87 килограмм салмақ категориясында шерек финалда иранлы Әли Абдулреза Шарифи менен болып өткен беллесиўде 9-0 есабында толық жеңиске еристи. Ярым финалда жерлесимиз грузиялы Айвенго Рикадзе менен гилемге шығып, жеңилиске ушырады.

 

Солай етип, халықаралық турнирдиң бронза медалы ушын гилем ийеси, қазақстанлы Нурсултан Турсынов пенен гүрес алып барған Жалғасбай белелсиўде 3-1 есабында жеңиске ерисип, Болат Турлыханов естелиги ушын өткерилген халықаралық рейтинг турнириниң бронза медалы ҳәм кубогы ийеси болды.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

    Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

    Усы жылдың 14-15-январь күнлери Тунисте қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Гран-при турнири болып өтеди. Бүгин усы