Telegram karinform

Мәденият

  • 17.11.2022 22:00
  • 519

Миллий сувенирлер фестивалы өткерилди

Әсирлер даўамында өзинде миллийлигимизди сәўлелендирип киятырған қарақалпақ халқының үрп-әдетлери, салт-дәстүрлери, миллий буйымлары бүгинги күнде де миллий мәдениятымыздың тийкары сыпатында өнерментлер қолында қайта жанланбақта.  Ҳәр бир халықтың миллий дәстүрлериниң усы ўақытқа шекем жетип келиўинде өнермент усталардың орны айрықша. Усы жылдың 17-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы тарыйхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи тәрепинен Миллий сувенирлер фестивалы болып өтти.

 

 

Илажда сөзге шыққанлар халқымыздың бай мәдений мийраслары, оның адамзат тарийхындағы ролин айрықша атап өтти.

 

Соңынан Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпакстан Республикасы бөлими бақсылары атқарыўында Миллий фолклор намалар, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқыўшылары тәрепинен миллий қосықлар жыйналғанлардың дыққатына усынылды.

 

 

Фестивал соңында мийманлар көргизбелер менен жақыннан танысты.

 

 

 

 

Көргизбеде керамика, темиршилик, кестешилик ҳәм қурақ өнери усталары өз дөретпелерин усынды.

 

 

Бийбижамал Реймбаева,

Шахнозабану Абдуллаева

Фотосүўретлер авторы: Мақсет Ҳәбибуллаев

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

    Усы жылдың 14-15-январь күнлери Тунисте қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Гран-при турнири болып өтеди. Бүгин усы