Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2023 14:00
  • 12632

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

 

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Тергеў басқармасы тәрепинен «Quramax Medikal» ЖШЖ ҳәм «Дәри өнимлерин стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖның жуўапкер тәреплерине Жынаят Кодексиниң 1863-статьясы 4-бөлими «а» бәнти тийкарында ашылған жынаят иси бойынша ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында төмендегише мағлыўмат берди.

 

Атап өтиў керек, Ҳиндстан мәмлекетинде ислеп шығарылған «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлериниң кери тәсири ақыбетинде ҳәзирги ўақытқа шекем «өткир бүйрек жетиспеўшилиги» диагнозы менен емленген наўқас балалар өмирден көз жумған.

 

«Quramax Medikal» ЖШЖ тәрепинен елимизге импорт етилген бул препаратлар «Дәри өнимлерин стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖ тәрепинен лабораториялық сынақлардан өткерилген ҳәм оларға муўапықлық сертификатлары рәсмийлестирилген.

 

Дәслепки тергеў ҳәрекетлери даўамында анықланыўынша, «Дәри өнимлерин стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖның жуўапкер хызметкерлери тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет талаплары турпайы түрде бузылып, усы дәри өнимлери белгиленген тәртипте лабораториялық сынақлардан өткерилмегенлиги ақыбетинде сапасыз препаратлардың сатыўға шығарылыўына жол қойылған.

 

Жынаят иси шеңберинде «Quramax Medikal» ЖШЖның 2 басшы хызметкери ҳәм Дәри өнимлерин стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖның 2 жуўапкер хызметкери гүманланыўшы тәреплер сыпатында МҚХ Тергеў изоляторына тийисли тәртипте орналастырылған.

 

Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде «Quramax Medikal» ЖШЖ тәрепинен Ҳиндстан мәмлекетинен Өзбекстанға импорт етилип атырған дәри өнимлериниң бажыхана қадағалаўынан өткерилиўи тоқтатылды ҳәм елимиз дәриханаларындағы бундай препаратлар жыйнап алынды. Ҳәзирги ўақытта усы бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.

 

«Quramax Medikal» ЖШЖға тийисли болған дәри өнимлерин Өзбекстанда белгиленген тәртипте дизимге алынғанлығы және денсаўлықты сақлаў системасындағы жуўапкер хызметкерлердиң усы жағдай бойынша әмелге асырған ҳәрекетлерин тексериў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылмақта.

 

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети пуқаралардан келип шығыўы мүмкин болған унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде усы тематикаға тийисли тексерилмеген ямаса тийкарсыз мағлыўматларды тарқатпаўды сораған.

 

Буннан алдын Қарақалпақстанда «Док-1 Макс»тан зәҳәрленген еки баланың емлениў ушын Ташкентке алып кетилгени, балалардың аўҳалы орташа – жүдә жақсы да, оғада жаман да емес екенлиги және күнлик емлеў ҳәм зәрүр медициналық илажлар көрилип атырғаны ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине тийкарланып хабар берген едик.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы