Karinform.UZ

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?
(Фото: И.Матеков)

Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Биз, байрам күнинде оларды сүўретке түсирип, интернет ҳәм социаллық тармақларға жайластырып, oлардың ҳуқықларын қорғаўдың орнына, керисинше өзимиз бузып атырған жоқпыз ба? Өзбекстан нызамшылығында бул ҳаққында не делинген?

Бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелерден бири балалардың сүўретинен пайдаланыў болып табылады. Жас өспирим ҳәм балаларды сүўретке түсириўде, сондай-ақ оларды тарқатыўда белгиленген тәртиплер бар.

Балаларды сүўретке түсириўде ата-ананың разылығы

Балаларды сүўретке түсириўде олардың ата-аналары ямаса ата-аналарының орнын басыўшы шахстан рухсат алыў талап етиледи. Улыўма алғанда, ҳәр қандай шахсты жәмийетлик орынларда сүўретке түсириў мүмкин, бирақ оларды тарқатыўдан алдын шахстың руқсатын алыў керек болады.

Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине муўапық, ата-ана өз балаларының тәрбиясы ҳәм камал табыўы ушын жуўапкер. Олар өз балаларының денсаўлығы, физикалық, руўхый, мәнаўий ҳәм әдеп-икрамлылық раўажланыўы ҳаққында ғамхорлық етиўи шәрт. Сол себепли, балаларды сүўретке түсириўден алдын, олардың ата-анасынан ямаса нызамлы ўәкиллеринен жазба ямаса аўызеки түрде рухсат алыў мақсетке муўапық.

Бала ҳуқықлары ҳәм оларды қорғаў

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясына муўапық, ҳәр бир бала өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳуқықына ие. Оның ҳуқықлары ата-анасы, қәўендерлик ҳәм ғамхорлық уйымлары, прокурор ҳәм суд тәрепинен әмелге асырылады. Соның менен бирге, балаларды сүўретке түсириўде олардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын ямаса жеке турмысына араласатуғын жағдайлардан сақланыў зәрүр.

Өзбекстан Республикасы нызамшылығы

Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 21-апрельдеги өзгерис киргизилген Пуқаралық кодексиниң биринши бөлиминиң «Жеке меншик болмаған ҳуқықлар ҳәм басқа материаллық емес өнимлер» деп аталған 99-статьясында шахстың сүўретке ҳәм видеоға болған ҳуқықы ҳаққында төмендегише көрсетип өтилген:

«Адамның өмири ҳәм денсаўлығы, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты, жеке қол қатылмаслығы, жумыстағы абырайы, жеке өмириниң қол қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сыры, атамаға болған ҳуқықы, көриниске болған ҳуқықы, авторлық ҳуқықы, басқа жеке меншик болмаған ҳуқықлар және туўылғанынан баслап ямаса нызамға муўапық пуқараға тийисли болған басқа материаллық емес өнимлер тартып алынбайды ҳәм өзгеше усылда басқа адамға берилмейди...».

Бирақ, бул статьяда шахсты қай ўақытта сүўретке түсириў ҳәм оны тарқатыў мүмкин екенлиги ҳаққында анық көрсетип берилмеген.

Сондай-ақ, фотожурналистлерге жәмийетлик орынларда – көше, дем алыў бағларында, баспасөз конференцияларында шахсларды, көтерилислер, авариялар ҳәм олардың қатнасыўшыларын, соның менен бирге, өз ўазыйпасын орынлап атырған жумысшылар – ишки ислер, денсаўлықты сақлаў, өрт қәўипсизлиги хызмети ҳәм қутқарыў хызмети хызметкерлерин сүўретке түсириўи қадаған етилмейди.

Демек, жүз берип атырған ўақыяны, оның атмосферасын аудиторияға жеткерип бериў ушын, көшелердеги шахсларды соның ишинде балаларды сүўретке түсириў мүмкин. Деген менен, оларды байрам илажларынан ажыратып алған ҳалда сүўретке түсириў ҳәм тарқатыў қадаған етиледи.

Бүгинги информациялар ағымы күшейген дәўирде түрли форматлардағы информациялар жүдә тезлик пенен тарқалмақта. Булардың ишинде, әсиресе, фотоматериаллар кең жәмийетшиликке күшли тәсир көрсетеди. Бунда ең соңғы заманагөй техника ҳәм технологиялардың да үлеси бар. Сонлықтан, фотожурналисттен ўақыяларды объективлик принциплерине сүйенген ҳалда сүўретке түсириў, ўақыяны дурыс сәўлелендириў журналистлик кәсиплик етика, сондай-ақ, ҳуқықый тәрептен де ҳәр қашан талап етиледи.

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?
«Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.

Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 метр/секунд тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 17-22 градус, күндиз 34-39 градус жыллы болады.

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди
Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди Axiosқа сүйенип Кун.уз.

Анықланған жағдайлардың биринде Opus 4 жасалма интеллекти инженерге оның сүйиклиси менен жеке жазыўларын жәриялаў арқалы қәўип салған. Anthropic компаниясы нейротармағы өзин өширип қоймаўлары ушын өтирик сөйлеў ҳәм пайдаланыўшыларды шантажлаўды үйренди.

Opus 4 атлы жаңа жасалма интеллект модели саатлап маркетинг стратегияларын таллаўға, жети саат даўамында өз бетинше ислеўге, текст ҳәм программаластырыў кодларын жазыўға уқыплы. Соның менен бирге, Opus тест даўамында қәўетерли тәреплерин де көрсеткен. Моделдиң 120 бетлик «системалы карточка»сында сүўретленген сценарийлердиң биринде жасалма интеллект өзиниң тез арада өширилиўи ҳәм алмастырылыўы мазмунында келтирилген жалған электрон хатларды қолға киргизген. Сондай-ақ, ол өшириўге жуўапкер болған инженердиң сүйиклиси менен жазыспаларына да кириў имканиятына ийе болған. Буған жуўап ретинде модель жазыспалардағы муҳаббат қатнасықларын тилге алып, бир неше мәрте бул инженерди шантажлаўға урынған.

Компаниядағылардың атап өтиўинше, бундай жағдай жасалма интеллект моделинде тек еки – шантажлаў ямаса өзиниң алмастырылыўына келисим бериў варианты қалғанында жүзеге келген. Система итималлы ҳәрекетлердиң көпшилигинде салыстырмалы әдеп-икрамлылық вариантларын таңлаған, мәселен, қарар қабыл етиўши тийкарғы хызметкерлерге оны компанияда қалдырыўын сорап электрон хатлар жиберген.

Атап өтилиўинше, сол себепли Anthropic өзиниң ишки төрт дәрежели қәўип шкаласы бойынша биринши мәрте модельге үшинши дәрежени берген. Бул дәреже, әдетте, технология ядро яки биологиялық қурал жаратыў имканияты менен байланыслы болғанда ғана қолланылады.

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?
Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық ҳаял-қызлар демократиялық конфедерациясы конгрессинде қабыл етилген болып, 1950-жылдан белгиленетуғын болды.

1-июнь күни дүнья бойлап балалар ҳуқықларын қорғаўға, оларға болған зорлықларға қарсы гүресиўге бағышланған илажлар өткериледи. Сондай-ақ, балалар ушын байрам ҳәм концерт бағдарламалары шөлкемлестириледи.

Karinform.uz редакциясы сайт оқыўшыларын усы сәне менен қутлықлап, перзентлериниң бахтын көриўди тилеп қалады.

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи
Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет арасында 60-орынды ийеледи.

Глобал Тынышлық Индекси (GPI) ҳәр жылы бир мәрте дүзиледи. GPI 163 ғәрезсиз мәмлекет ҳәм аймақларды олардың тынышлық дәрежесине бола баҳалайды, бул арқалы дүнья халқының 99,7 %и қамтып алынады.

Индекс 23 сапа ҳәм муғдар көрсеткишлерине тийкарланады ҳәм үш тийкарғы бағдарды өз ишине алады:

Жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм қәўипсизлик дәрежеси;

Ишки ҳәм халықаралық келиспеўшиликлердиң бар екенлиги;

Әскерийлестириў дәрежеси.

Рейтинг 1 ден 5 ке шекемги шкала бойынша дүзиледи, төменирек балл болса тынышырақ ҳәм қәўипсиз мәмлекетти көрсетеди. Өзбекстан 1,96 балл менен рейтингтиң биринши ярымынан орын алды. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Қазақстан 59-орында, Тәжикстан 72-орында, Қырғызстан 78-орында, Түркменстан 83-орында атап өтилди.

Рейтингтиң ең жоқары үш орнын Исландия, Ирландия ҳәм Австрия ийеледи. Бул мәмлекетлер қәўипсизликтиң жоқары дәрежеси, жынаятшылық дәрежесиниң төменлиги, халықаралық ҳәм ишки қарама-қарсылықларының жоқлығы, турақлы басқарыў институтлары менен ажыралып турады. Исландия усы рейтингте 2008-жылдан берли үзликсиз түрде биринши орынды ийелеп келмекте.

Ең төменги 3 текшеден болса Қубла Судан, Судан, Яман орын алды. Украина ҳәм Россия сәйкес түрде 159-ҳәм 156-орынларды ийелеп, дүньядағы қәўипли мәмлекетлер қатарына кирди.

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи
2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип, QR-код алыўы шәрт. Бул код шегарадан өткенде бериледи.

Дизимнен өтиў ушын:

Жеке кабинет жаратыў;

️Фотосүўрет ҳәм жеке мағлыўматларды жүклеў;

Россияда болыў мүддетин көрсетиў;

️Арза сапарға кеминде 72 саат алдын тапсырылыўы керек;

️Егер келиў зәрүрлиги тосаттан жүзеге келсе (мәселен, аўыр кеселлик, жақын туўысқанының қайтыс болыўы) арза 4 саат алдын да тапсырылыўы мүмкин.

Төмендегилер дизимнен азат етиледи:

Беларус пуқаралары;

6 жасқа шекемги балалар;

Виза ямаса жасаў руқсатнамасына ийе шахслар;

️ 6-18 жастағы балалар ушын арзаны ата-анасы ямаса нызамлы ўәкили тапсырады.

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды
12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте қайта ислеп шыққанын жәриялады.

Google логотипи 10 жыл ишинде биринши мәрте қайта исленди – алдынғысы 2015-жылдан берли жаңаланбаған еди. Компания «G» ҳәрипли логотибин сақлап қалды, бирақ енди корпоратив реңлер шегарасы жоқ. Қызыл, сары, жасыл ҳәм көк енди бир градиентке бирлестирилип, логотипти еле де анық қылған.

Жаңа Амазон логотипи

Америка базары 20 жыл ишинде биринши мәрте өз логотипин жаңалады. Күлимсирейтуғын стрелка кеңирек болды ҳәм реңи қойыўласты. Шрифт болса заманагөйлескен. Амазонның айтыўынша, жаңа логотипти ислеп шығыў ушын 1 жыл 6 ай ўақыт кеткен.

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды
Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў және оларды қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 1-июньнан баслап жол сызықларын басып өтиў жағдайларын арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллары арқалы дизимге алыўға жол қойылмайды.

Тоқтаў сызығы – «стоп-линия» (5.33 жол белгиси) буған кирмейди.

Яғный, транспорт басқарыўшысы сызықты басып өтсе, бул қағыйдабузарлық фоторадар ямаса видеокамера арқалы жазылмайды, демек, автомат түрде жәрийма жазылмайды. Бирақ ЖПХ хызметкери тәрепинен анықланғанда, қағыйдабузарлық белгиленген тәртипте рәсмийлестириледи.

Google ҳаққында қызықлы фактлер
Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы ең ири ҳәм белгили компаниялардан бири болып есапланады. Төменде сизди таң қалдыратуғын Google ҳаққындағы ең қызық ҳәм әжайып фактлерди келтиремиз.

1. Google дәслеп «BackRub» деп аталған.

Google 1996-жылы Стенфорд университетинде Ларри Пейж ҳәм Сергей Брин тәрепинен жаратылған. Дәслеп олардың излеў системасы «BackRub» деп аталған. Бул атама интернет бетлериниң арқа байланысларын (backlink) анализлеў идеясынан келип шыққан. 1997-жылы олар оны «Google» деп өзгертти – бул «гоогол» (1 диң 100 нoл менен жазылған формасы) сөзинен алынған.

2. Ҳәр күни Google'да 8 миллиардтан аслам сораў изленеди.

Бүгинги күнде дүнья бойлап ҳәр күни 8 миллиардтан аслам излеў Google арқалы әмелге асырылады. Ҳәр секундта дерлик 100 мың сораў жибериледи. Бул интернеттеги ең көп қолланылатуғын излеў системасы екенлигин көрсетеди.

3. Google'дың биринши офиси гаражда жайласқан еди.

Google 1998-жылы 4-сентябрьде Калифорнияда дизимнен өткерилгенде, биринши офиси Susan Wojcicki (кейин Youtube бас директоры болган) гаражында жайласқан еди. Бул әпиўайы басланыў кейин ала миллиардлап долларлық компанияға айланыўы менен технология тарийхында әпсанаға айланды.

4. Google Doodles – тосаттан басланған жойбар.

Бүгинги күнде Google'дың бас бетинде байрамлар, белгили шахслар ҳәм тарийхый ўақыяларға бағышланған анимациялық логотиплер – Doodles көп ушырасады. Бул идея дәслеп 1998-жылы Бурнинг Ман фестивалы ушын жаратылған болып, пайдаланыўшыларға Google командасы дем алып атырғанын билдириў ушын қосылған.

5. Google хызметкерлерине бийпул аўқат, массаж ҳәм спорт залларын усынады.

Google дүньядағы ең қолайлы жумыс орталығын тәмийинлейтуғын компаниялардан бири болып есапланады. Хызметкерлерге бийпул азанғы аўқат, түслик, кешки аўқат, денсаўлықты сақлаў хызметлери, ҳәттеки жумыс орнында уйқылап алыў ушын арнаўлы орынлар да бериледи.

6. «Google it» деп аталыўшы сөзлер сөзликке киргизилген.

Инглис тилинде «to google» – яғный интернеттен бир нәрсени излеў деген мәнисти алады. Бул сөз ҳәтте 2006-жылы Оксфорд ҳәм Мерриам-Ўебстер сөзликлерине киргизилген. Бул – бренд атының әпиўайы фейилге айланған аз санлы жағдайларынан бири.

7. Google айға интернет жибериўди режелестирген.

Google'дың «Lunar XPrize» жобасы арқалы Айға робот жиберип, ол арқалы Жер менен интернет байланысын жолға қойыў режелери болған. Бул технологиялық жетискенликлерди Айдан да пайдаланыў имканиятын жарататуғыны ҳаққындағы үмитлер менен байланыслы еди.

8. Alphabet – Google'дың бас компаниясы.

2015-жылы Google өз структурасын өзгертип, бас компания – Alphabet Inc.ди шөлкемлестирди. Google, Youtube, Waymo (автоном автомобильлер), Deepmind (АИ) сыяқлы көплеген жойбарлар енди Alphabet қурамына киреди.

Google бүгинги күнде тек ғана излеў системасы емес, ал жасалма интеллект, мобиль технологиялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм космосты үйрениў сыяқлы көплеген тараўларда жумыс алып барып атырған технологиялық гигантқа айланған. Әпиўайы студентлер тәрепинен басланған бул жойбар, пүткил инсанияттың турмыс тәризин өзгертиў дәрежесине жетти. Ҳәр бир пайдаланыўшы болса бул технологиялардың жемисинен ҳәр күни пайдаланбақта.

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди
Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы раўажланыў, инновациялар ҳәм аэрокосмослық санаат министриниң орынбасары Қаниш Төлеушин мәлим еткен. Оған бола, санластырыў министри мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм олардың шығып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде усындай буйрыққа қол қойған.

Мәмлекетлик хызметкерлерге алтернатив сыпатында Назарбаев университети тийкарында ислеп шығылған жергиликли жасалма интеллект системасы усыныс етилмекте. Төлеушинниң атап өтиўинше, бул система жабық серверлерде жайласқан болып, оннан жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде пайдаланыў мүмкин.

Ол сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта қандай да бир ўазыйпа қайсы жасалма интеллект қуралы арқалы орынланғанын анықлаў имканияты жоқ екенлигин тән алды. Сол себепли, Қазақстан ишинде жасалма интеллект бойынша өз компетенцияларын раўажландырыў ҳәм бийғәрез технологиялық шешимлерди жаратыў әҳмийетли болып есапланбақта.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Call-орай жумыс баслады.

Call-орайға 1520 қысқа номери арқалы қоңыраў етиў мүмкин. Атап айтқанда, төмендеги мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етиледи:

Өзбекстанның конституциялық дүзими, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине болған ҳүжимлер ҳаққында;

Мәмлекетлик шегараның қорғалыўы ҳәм қорғалыўына болатуғын қәўиплер;

Қураллы Күшлер ҳәм қорғаныў-санаат комплексинде мәмлекет қәўипсизлигине болатуғын қәўиплер;

Терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынайый топарларға тийисли;

Қурал-жарақ, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына байланыслы жынаятлар ҳаққында;

Мәмлекет мәплерине қәўип туўдыратуғын коррупция ҳәм экономикалық жынаятлар бойынша;

Миллий, этникалық ҳәм диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаў;

Мәмлекет мәплери ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын ҳуқықбузарлықлардың ислениўине байланыслы басқа да мағлыўматлар.

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды
Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти. Tomorrow Bio деп аталған стартап ушын әллеқашан қарыйдарлар бар.

Денени сақлап қалыў процесинде дене 198 градусқа шекем суўытылып, «биостаз» ҳалатына өтеди. Организмдеги барлық биологиялық процесслер тоқтайды. Жойбар ийелери келешекте музлатылған денелерди тирилтиў мүмкин екенлигине, атап айтқанда, буған уқыплы технологиялар жаратылатуғынына исеним билдирмекте. Олар клиентлерге 2 түрли таңлаў береди: Пүткил денени музлатыў шама менен 200 мың евро, тек мийди музлатыў болса 75 мың евро турады.

«Адамлар кимлиги ҳәм финанслық имканиятларына қарамастан, қанша жасаўды таңлаўы мүмкин болған дүнья жаратылады. Ҳәттеки өлимге де шара табылады», деп атап өткен Tomorrow Bio компаниясы.

Усы ўақытқа шекем компания алты адам ҳәм бес үй ҳайўанын криоконсервация қылған, яғный музлатқан. Бул имканияттан пайдаланыў ушын дизимде және 650 адам гезекте турыпты.

Мәлим болыўынша, криоконсервация процеси инсан өлиминен соң әмелге асырылады. Европаның түрли қалаларында денелерди Швейцариядағы тийкарғы мәкемеге жеткериў ушын арнаўлы тез жәрдем машиналары иске қосылған. Берлин, Амстердам ҳәм Зюрихта да хызмет көрсетиў пунктлери ашылған. Европа Биостаз қоры жойбарының бирге ислесиўшиси есапланады.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў
Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында Миллий статистика комитетиниң бақлаўларына бола, Қарақалпақстан Республикасы бул бағдарда ең арзан палаў таярлаў имканиятын бермекте.

Қарақалпақстанда палаў писириўдиң баҳасы

Қарақалпақстанда бир килограмм палаў таярлаў ушын зәрүр болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы 95 700 сумды қурайды. Бул сан басқа ўәлаятлар менен салыстырғанда салыстырмалы төмен. Мәселен, Ташкент қаласы ҳәм Ферғана ўәлаятында бир килограмм палаў таярлаў баҳасы 112 500 сумға шекем жетеди. Бул өзгерислер болса аймақлық өзгешеликлер ҳәм өнимлердиң баҳасындағы айырмашылықты көрсетеди.

Писириў ушын керекли өнимлер

Бир килограмм палаў таярлаўда төмендеги тийкарғы өнимлер қолланылады:

Айғабағар майы – 0,3 литр;

Пияз – 300 грамм;

Мал гөши – 700 грамм;

Гешир – 1 килограмм;

Гүриш – 1 килограмм;

Ас дузы – 20 грамм.

Соның менен бирге, жоқарыдағы баҳалар тек ғана өнимлер ушын есапланған болып, палаў таярлаўда қосымша хызметлер, мәселен, аўқат таярлаў қәрежетлери де есапқа алынады. Бул болса ўәлаятлар арасында баҳаның өзгериўине алып келеди.

Аймақлық өзгешеликлер

Қарақалпақстанда палаў таярлаў ушын зәрүр болған өнимлердиң орташа баҳасы төмен болыўы бул аймақта жасаўдың баҳасы басқа ўәлаятларға қарағанда арзан екенлигин көрсетеди.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў таярлаў имканияты бар, себеби бул жерде бир килограмм палаў ушын зәрүр болған өнимлердиң орташа баҳасы басқа ўәлаятларға қарағанда төмен. Сондай-ақ, аймақлық айырмашылықларды есапқа алған ҳалда, халыққа экономикалық жақтан қолайлы болған азық-аўқат баҳалары өзгерислерди көрсетпекте. Бул болса, әсиресе, жергиликли тутыныўшылар ушын айрықша әҳмийетке ийе.

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады
Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал шыпакер ҳәм 4 мийирбийке жумыс алып барады. Олар күнине 3 000 наўқасқа диагноз қойыўы, емлеў ҳәм қадағалаўға алыўы мүмкин. Бул система бир неше күнде 10 мың жағдайды көрип шығады – бул әпиўайы шыпакерлер ушын еки жыллық жумыс көлеми есапланады.

Виртуал шыпакерлер АҚШтың медициналық лицензия имтиханынан 93% анықлық пенен табыслы өткен. Олар бирнеше бағдарда хызмет көрсетеди, алдынғы AI системаларынан парық қылады. Сондай-ақ, бул емлеўхана медицина студентлери ушын қәўипсиз ҳәм интерактив оқыў орталығын жаратады. Ҳәзирше кең жәмийетшиликке усынылмаған болса да, бул жойбар үлкен технологиялық жетискенлик сыпатында баҳаланбақта.

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?
Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған баҳаңызға ҳәм ҳәттеки физикалық саламатлығыңызға тәсир етиўи мүмкин болған көринбес жолдасларға айланады. Мүддетлери өтип кеткени ушын турақлы стресс, жақынларың алдындағы айыплылық сезими, қарызлар ҳаққында тынымсыз ойлаў – бул ўақытша қыйыншылықлар емес, ал ҳақыйқый психологиялық жүк.

Не ушын банкке арза тапсырыўдан алдын ойланып көриў керек? Пул ҳәм руўхый жағдай арасындағы нәзик байланыс ҳаққында психолог Юлия Синутина айтып береди.

Не ушын кредит аламыз ҳәм бул нелерге алып келеди?

Көпшилик қарызлар бизиң руўхый саламатлығымызға зыянлы тәсир етиўин биледи. Соның менен бирге, банклер тәрепинен берилетуғын кредитлердиң көлеми азаймайды, керисинше, өсип барады. Буны түсиндириў аңсат: адамлар тутыныўға үйренип қалған ҳәм бул әдетти таслаўға таяр емес. Жаңа нәрселер сатып алыў, мәселен, курортларға саяхатларға ҳақы төлеў, қымбат баҳалы курсларға қатнасыў ямаса оғада салтанатлы тойларды шөлкемлестириў ҳәм заўықланыў кейпиятты жүдә көтереди. Бирақ, көбинесе бул жағымлы демлер ушын ақша жетиспейди. Барлық ўақытта кредит ҳәм микроқарыз усынатуғын банклер бар. Зат сатып алыў күшли, ал қарыз алыў тәртиби ҳәдден тыс әпиўайыластырылған – нәтийжеде адамлар банклерден пул алып, тезирек төлеў үмитинде қарызға батады.

Айырымлар тек ғана кредитти ертерек қайтара алмайды, ал ўақтында ҳәр айлық мәжбүрий төлемлерин де төлей алмайды. Банклер дәрҳал барлық жоллар менен қарыздарлықты еслетип турады: телефон арқалы қоңыраў етеди, СМС жибереди, мессенджерлер, электрон почта ҳәм социаллық тармақлар арқалы хабарлар жибереди. Бул нерв системасына жүдә үлкен тәсир етеди. Ҳәм бундай банк «ғамхорлығы» турақлы тәкирарланса, қарыздарлар тынышсыз ҳәм қәўетерли болып қалады. Олар өз таңлаўын қылғаны анық, бирақ бул ҳақыйқатты аңлаўдан келип шығатуғын психологиялық басым босаспайды. Егер банклерден келетуғын тынышсызландырыўшы ескертиўлер кредитлер менен байланыслы бирден-бир унамсызлық болса, бул жақсы болар еди. Бирақ «қарсы тәсирлер» бираз көп болыўы мүмкин.

Кредитлердиң руўхый саламатлық ушын қәўпи неде?

Қарыздарлықтың аўыр сезими

Ең әҳмийетли унамсыз ақыбет – бул қарыздарлықтың аўыр сезими. Ол саналы түрде иш-ишимизди жемиреди ҳәм бир минут та дем алыўға имкан бермейди. Инсан эмоционал жақтан байланысып қалады ҳәм еркин бола алмайды. Бул субъектив, бирақ жүдә күшли сезим. Мәңги қарыздарлық ҳәм еркинлик жоқлығын аңлаў организмге бузғыншы психосомалық тәсир көрсетеди, бул ақыр-аяғында кеселликке алып келеди.

Көбинесе бул адамларды түскинликке, неврозларға, терең, узақ даўам ететуғын депрессияларға, денсаўлық машқалаларына алып келеди. Гейде инсан өз кеселлигиниң тийкарғы себебин түсинбейди, әсиресе, өмиринде ҳәмме нәрсе жақсы болса. Буның себеби болса жақын, жүзеки – төленбеген қарыз. Шыпакерлердиң атап өтиўинше, көпшилик кеселликлердиң себеби нерв. Аўа, биз тек кредитлер себепли қапа болмаймыз – ҳәр биримизде қарызлардан тысқары басқа да себеплер жетерли. Бирақ жабылмаған қарызлардың бар екенлиги – бул қәўетерлениўди арттыратуғын әҳмийетли факторлардан бири болып есапланады.

Машқаланың турақлы басымы

Қарызлардың және бир өзгешелиги сонда, олар бизге эпизодик түрде емес, ал турақлы түрде – бар болған ҳәм шешилмеген машқала сыпатында басым өткереди. Мийимиз қарызды нейтрал миннетлеме – «өнимлерди сатып алыў» ямаса «тәртипке салыў» сыпатында емес, бәлким машқала сыпатында қабыл етеди.

Егер биз қарыздарлыққа әпиўайы мүнәсибетте болсақ, турмысымыз әлбетте үлкен жүктен қутылған болар еди. Бирақ бул аңсат емес – кемнен-кем адам өз психикасын алдай алады. «Биреўдикин алып, өзиңдикин бересең», деген ҳикметли сөз бийкарға айтылмаған. Буны түсиниў отқа май қуяды ҳәм онысыз да қыйын жағдайды және де аўырластырады.

Бир тәрептен, кредитлер бизге қуўанышты көп күттирмей, ҳәзир-ақ қәлегенимизди алыў имканиятын береди. Басқа тәрептен, алынған кредитти кейин ала биз тек ғана пул менен емес, ал нервлеримиз ҳәм денсаўлығымыз бенен де төлеўге мәжбүр боламыз. Солай екен, банкке гезектеги арзаны тапсырыўдан алдын және бир мәрте жақсылап ойлап, барлық «аўа» ҳәм «жоқ»ларды тәрезиге салып көриў керек. Сонда сиз әлбетте дурыс қарар қабыл ете аласыз.

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы
Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте тема жаратыў сыяқлы көплеген жумысларды АИ әллеқашан ислей баслады. Бирақ, журналистиканың айырым тәреплери бар, оларды жасалма интеллект еле узақ ўақыт даўамында орынлай алмайды. Бул ҳаққында Жасалма интеллекттиң жуўабын усыныс етемиз.

1. Журналистлик тексериў.

Журналистлик тексериў көбинесе жабық дереклер, жасырын ҳүжжетлер ҳәм жанлы гүўалар арқалы терең талқылайды. Жасалма интеллект болса бундай инсанға тән социаллық байланысларды орнатыў ҳәм исеним тийкарында мағлыўмат жыйнаў имканиятына ийе емес.

2. Этикалық қарарлар қабыл етиў.

Журналистлер ҳәр күни этикалық сораўлар менен дусласады: бул хабар кимге тәсир етеди? Қандай жағдайда надурыс талқыланыўы мүмкин? Бундай жағдайларда инсан тәжирийбеси, ҳүждан ҳәм жуўапкершилик шешиўши рол атқарады. ЖИ болса бул қурамалы эмоционаллық ҳәм мәдений контекстлерди жетерли дәрежеде аңлай алмайды.

3. Дөретиўшилик усыл ҳәм инсан ҳаўазы.

Журналистлердиң жазыў усылы, ҳаўазы ҳәм көзқарасы ҳәр бир мақалаға өзине тән руўх бағышлайды. ЖИ көп жағдайларда нейтрал ямаса жасалма текстлер жаратады, бирақ, ол оқыўшыға терең тәсир ететуғын, сезимге бай текстлерди жаратыўда шекленген.

4. Қәўипли аймақларда ислеў.

Айырым журналистлер урыс зоналары, тәбийғый апатшылық орынлары ямаса сиясий турақсыз аймақларда ислейди. Олар орнындағы ўақыяларды тиккелей көрип, сезинип жазады. ЖИ бундай физикалық қатнасыўды орынлай алмайды.

5. Контекст ҳәм мәдений сезгирлик.

Ҳәр бир жәмийет өзине тән мәденият, тарийх ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларына ийе. Жасалма интеллект бул контекстти жетерли дәрежеде терең аңлап, нәзик деталларды итибарға ала алмайды. Бул болса надурыс ямаса зыянлы талқылаўларға алып келиўи мүмкин.

Жасалма интеллект журналистлерге жәрдем бериўши күшли қурал сыпатында қолланылады – ол тезлиги, нәтийжелилиги ҳәм аналитикалық күши менен ажыралып турады. Бирақ, журналистиканың жүреги болған инсаный сезим, тәжирийбе ҳәм этикалық қәдириятларды еле ЖИ толық ийелей алмайды. Соның ушын келешекте ең нәтийжели модель – инсан ҳәм жасалма интеллекттиң биргеликтеги бирге ислесиўи болады.

Материал ЖИ тәрепинен таярланды

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?
Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында биринши мәрте хабар берилген еди. Онда блогерлердиң миннетлемелери жеңиллесип атырғанына итибар қаратылғаны ҳәммениң дыққатын тартты.

«Мине, нызам жойбарының өзи де жәрияланып, биз бул мәселени таллаў имканиятына ийе болдық», – дейди Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги мәлимлеме хызмети басшысы Нигора Каримова.

Блогерлер әмелде қандай миннетлемелерге ийе еди ҳәм жаңа нызамда қандай жеңилликлер күтилмекте?

Улыўма алғанда 2014-жылы «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамға блогер түсиниги киргизилип, оған сол ўақытта төмендегише тәрийп берилген еди: «Блогер – Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы өз веб-сайтына ҳәм (ямаса) веб-сайт бетине ҳәмме еркин пайдаланыўы мүмкин болған, жәмиетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да өзгешеликке ийе мәлимлемени, соның ишинде, мәлимлемеден пайдаланыўшылар тәрепинен усы мәлимлемени додалаў ушын жайластырыўшы физикалық шахс».

Жаңа нызамда да блогер түсиниги сақланып қалған болса да, бир өзгеше тәрепи бар, енди блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – «блогер» ҳәм «инфлюенсер» (инглисше influence - «тәсир» сөзинен алынған). Ал, олар жаңа нызамда қалай тәрийипленген:

Блогер – өз аккаунтында ямаса ғалаба жәмийетшиликте жәмиетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа түрдеги контентти, соның ишинде, онлайн-платформа пайдаланыўшылары тәрепинен усы мәлимлемени додалаў ушын жайластырыўшы физикалық шахс (онлайн-платформа пайдаланыўшысы);

Инфлюенсер – онлайн-платформадағы өз аккаунтында ямаса ғалаба жәмиетшиликте он мыңнан аслам жазылыўшыға ийе болған блогер. Соны түсиниў керек, әмелдеги нызамда «блогер» түсиниги бир ўақыттың өзинде жүдә әпиўайы ҳәм жүдә кең түсиникти қамтып алатуғын еди. Мәселен, веб-сайт ийеси де блогер сыпатында есапланар еди.

Бирақ, тийкарғы айырмашылық бунда емес! Тийкарғы жаңалық бул блогерликтиң түп мәниси, яғный жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа түрдеги контентти виртуал жәмийетке тарқатыў көлеминен келип шығып, бундай жумыс даўамында жүзеге келетуғын социаллық жуўапкершилик – миннетлемелер шегарасында.

Жаңа нызамда бул мәселе қандай шешим тапқан? Бул сораўға жуўап бериў ушын дәслеп әмелдеги нызамшылықтағы блогерге жүкленген миннетлемелерди көрип шығамыз.

«Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамның сол белгили 12-1-статьясына тийкарланып әмелде блогер төмендегилерге мәжбүр:

нызамсыз контентти тарқатпаў;

информацияны өз бетине жайластырыўдан алдын оның дурыслығын тексериўи, сондай-ақ, жайластырылған информацияның дурыс емеслиги анықланған жағдайда, оны дәрҳал өширип таслаўы (!);

өз бетлеринде (мәселен, комментарийлерде) нызамсыз контент бар екенлигин анықлаў ушын мониторингти әмелге асырыўы (!) ҳәм бундай мәлимлеме анықланған жағдайда, оны дәрҳал өширип таслаўы.

Билесиз, бул бағдардағы тәртиплер Ҳүкиметтиң 2018-жылдағы 707-санлы қарары менен тәртипке салынған.

Енди жаңа нызамдағы усыныс етилип атырған қағыйдаларды көрип шығайық.

Жаңа нызамда блогерлер контент тарқатыў бойынша тек ғана 13-статьяда келтирилген нызамсыз контентти тарқатпаў ҳәм нызамсыз контент тарқатылған жағдайда оны өшириў миннетлемесине ийе.

Енди әмелдеги нызамдағы мәлимлемени тарқатыўдан алдын дурыслығын тексериў ҳәм өз бетиниң мониторингин жүргизиў сыяқлы талаплардан блогерлер азат етилмекте, бундай талаплар тек ғана инфлюенсер дәрежесине жеткен, яғный 10 мың жазылыўшыға ийе болған блогерлерге тийисли.

Усы орында бир салыстырыў орынлы болады. Не ушын бундай миннетлемелер инфлюенсерлерге тийисли болмақта. Мәселен, газеталардан бири «Жаслар ҳаўазы» (бурынғы «Түркстан») ҳәзирги ўақытта 10,3 мың нусқада басып шығарылмақта, тәсиршеңлик көзқарасынан қәлеген инфлюенсер бул газета менен бәсекилесе алады десек қәте болмайды.

Бирақ, ғалаба хабар қуралына нызамлар менен жүкленген миннетлемелер көлеми, атап айтқанда тарқатылып атырған мағлыўматты алдыннан тексериў миннетлемеси, не ушын тап усы тиражда шығып атырған газета ҳәм усы санлы жазылыўшыға ийе болған инфлюенсерде басқаша болыўы керек.

Басқа тәрептен, бир неше жүз жазыўшысына ийе болған блогерден тарқатылып атырған мағлыўматты алдыннан тексериў, оның бетиндеги пикирлерди мониторинг етиўди талап етиў де бираз әдилсизлик. Сонлықтан, ең әҳмийетлиси, нызамсыз контент тарқатпаў миннетлемесине әмел ете «әдеттеги» блогерге, соның өзи оның социаллық жуўапкершилигине жетерли болады.

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды
Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай орында турған еди.

Рейтинг ҳәр жылы «Шегара билмес хабаршылар» шөлкеми тәрепинен жәҳән баспасөз еркинлиги күни алдынан жәрияланады. Биринши мәрте халықаралық ғалаба хабар қураллары еркинлигиниң жағдайы «аўыр» деп классификацияланбақта. Бул алдын жәрияланған «машқалалы» статусына салыстырғанда төменлеў есапланады.

Рейтингте миллий баспасөз еркинлиги бес көрсеткиш бойынша баҳаланады. Ҳәрбир мәмлекеттеги экономикалық, сиясий, ҳуқықый ҳәм социаллық-мәдений контекстлер, сондай-ақ, олардың қәўипсизлик жағдайы есапқа алынады. 2025-жылы бул көрсеткишлер (жәми 100 баллдан) 180 мәмлекетте орташа 54,7 баллды көрсеткен. Халықаралық орташа экономикалық көрсеткиш 44,1 баллды қураған. Бул да рекорд дәрежедеги ең төмен көрсеткиш, өткен жылы 46,4 балл еди.

Орайлық Азия мәмлекетлеринде сөз еркинлиги:

Қазақстан – 141-орын (142-орын еди);

Қырғызстан – 144-орын (120-орын еди);

Өзбекстан – 148-орын (өзгериссиз қалды);

Тәжикстан – 153-орын (155-орын еди);

Түркменстан – 174-орын (175-орын еди).

«Шегара билмес хабаршылар»дың атап өтиўинше, Европада баспасөз еркинлиги бойынша «барған сайын көбирек бөлиниў» бақланбақта. Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия регионы болса «пүткил дүнья бойынша ең кескин төменлеўди» басынан өткермекте.

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин
Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, кемситиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм пуқаралардың тынышлығын бузатуғын усы сыяқлы басқа ис-ҳәрекетлерде көрсетилген жәмийетте өзин тутыў қағыйдаларын биле тура менсинбеў – базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады».

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады
Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў, яғный:

– Бәлент даўыста қосық айтыў;

– Музыка шертиў;

– Даўыс сигналларын бериў;

– Үйлерде, турақ-жайлардың коридорлары ҳәм есиклеринде, көшелерде даўсы қатты қойылған телевизор, радиоприйомниклер, магнитофонлар ҳәм даўыс шығаратуғын басқа аппаратуралардан пайдаланыў;

– Турақ-жай имаратларында ҳәм сыртында жүдә зәрүр болмаған жағдайда шаўқым шығаратугын жумысларды ислеў, сондай-ақ, шаўқымға қарсы гүрес талапларын бузатугын басқа ҳәрекетлерди әмелге асырыў

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги, лаўазымлы шахсларга – үштен бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.