Қазақстан Республикасы президенти Қасым-Жомарт Тоқаев республика халқына үндеў жоллады. Онда гезектен тыс президентлик сайлаўы усы жылдың 20-ноябрь күнине белгиленгенлиги мәлим етилди.
Сайлаўда әмелдеги президент Қасым-Жомарт Тоқаевтиң өзи де қатнасады.
«Мен мүддетинен алдын өткерилетуғын сайлаўларды 2022-жыл 20-ноябрьге белгилеў ҳаққындағы пәрманға қол қойдым. Тез арада жәмийетшиликке усынылатуғын сайлаў алды платформасында социаллық-экономикалық раўажланыўға ерисиўге бағдарланған жаңа басламалар белгилеп бериледи.
Мен әмелдеги мәмлекет басшысы сыпатында сайлаў алды үгит-нәсияты нызам ҳүжжетлерине қатаң әмел еткен ҳалда, әдил, ашық-айдын, жергиликли ҳәм халықаралық бақлаўшылардың кең көлемдеги қатнасыўында өткерилиўине кепиллик беремен.
Барлық азаматларымызды болса жуўапкершилик, демократия, нызам ҳәм тәртип принциплерине садық болыўға, елимиздиң бирлиги менен аўызбиршилигин көрсетиўге шақыраман», - деп айтып өткен Қазақстан президенти.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буннан алдын Қазақстан парламенти мәмлекет конституциясына Қазақстанда президентлик мүддетин 7 жыллық етип белгилеў, соның менен бирге, бир адамның еки мәрте усы лаўазымға талабан бола алмайтуғынлығы ҳаққындағы өзгерислер киргизилген еди.
Karinform.uz.