Telegram karinform

Аналитика

  • 21.10.2022 16:00
  • 376

Өзбекстанда соңғы 10 жылда туўылыўшылық коэффициенти қай дәрежеде өскен?

Өзбекстанда жүргизилип атырған демографиялық сиясат, сондай-ақ, соңғы 10 жыллықта, яғный 2011-2021-жыллар аралығында туўылыўшылық коэффициентин ўәлаятлар сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы кесиминде үйрендик.

 

Үйренилип атырған дәўир ишинде барлық ўәлаятларда туўылыўшылық айырым жылларда жоқарылаў, ал айырым жылларда пәсейиў көрсеткишлери бақланғаны менен 2021-жылы 2011-жылға салыстырғанда әдеўир жоқарылағанлығын көриўге болады. Бул дәўирде ҳәр жылы туўылыўшылықтың ең жоқары дәрежеси Сурхандәрья ўәлаятында, ал туўылыўшылықтың ең төменги дәрежеси Ташкент қаласында бақланған. Атап айтқанда, Сурхандәрья ўәлаятында 2011-жылы 32 948 туўылыўшылық дизимге алынған болып, 24,6 промиллени қураған болса, 2021-жылы 43 173 туўылыўшылық жағдайы менен 29,8 промиллени қурады. Тек ғана 2013-жылы Қашқадәрья ўәлаяты Сурхандәрья ўәлаятынан жоқары көрсеткишке ийе болып, 25,1 промилле менен ең жоқарғы көрсеткишти көрсеткен. Бул дәўирде 2011-жылы Ташкент қаласында 15 559 бала туўылып, ең кем 16,4 промиллени қураған болса, 2021-жылы 23 244 бала дүньяға келип, 20,8 промиллени қурады.

 

2016-жылы Қашқадәрья ўәлаяты, 2017-жылы Ташкент қаласында турақлы өсип киятырған көрсеткиштиң пәсейгенлигин көриўимизге болады.

Өзбекстандағы көпшилик ўәлаятлардағы демографиялық өсим 2012, 2015-2017-жылларда пәсейиў жағдайы бақланған. Мәселен, 2012-жылы Наманган, Хорезм, Жиззақ, Ферғана, Наўайы, Ташкент қалаларында туўылыўшылық кемейген болса, нәўбеттеги туўылыўшылықтың кемейиўи 2015-жылға туўры келеди. Бул жылда Наўайы, Хорезм ҳәм Наманган ўәлаятларында туўылыўшылық алдынғы жылға салыстырғанда кемейген. Туўылыўшылықтың нәўбеттеги пәсейиў жағдайы 2016-2017-жылларда бақланған болып, бул жылларда Сурхандәрья, Қашқадәрья, Жиззақ, Әндижан, Ферғана, Ташкент ҳәм Бухара ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында туўылыўшылық промиллелери кемейгенлигин көриўге болады.

 

Бул көрсеткишлер өз-өзинен Өзбекстан бойынша туўылыўшылық көрсеткишлерине тәсир етип, Республика бойынша 2012-жылы, сондай-ақ, 2016-2017-жылларда туўылыўшылық дәрежелери кемейгенлигин көриўге болады.

 

 

 

Барлық ўәлаятларда туўылыўшылық соңғы он жыллықта белгили дәрежеде өскен болса, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылы керисинше 2011-жылға салыстырғанда әдеўир төменлеген. Соңынан және көрсеткишлер көбейип, 2020-2021-жылларда және кемейген.

 

 

Биз Қарақалпақстандағы туўылыўшылық коэффициентине тәсир етиўши төмендеги факторларды үйнерип шығыўға ҳәрекет еттик:

 

  • Демографиялық сиясат;
  • Өсип баратырған баҳалар;
  • Ҳаял-қызлардың билим алыўы;
  • Ҳаял-қызлардың мийнетте бәнт болыўы;
  • Фертил жасындағы ҳаяллар санының кемейиўи;
  • Контрацепция

 

Биринши фактор.

Өзбекстанда, соның ишинде Қарақалпақстанда туўылыўшылық дәрежесин кемейтиўге алып келиўши ҳеш қандай демографиялық қадағалаў жәрияланбаған. Тек ғана ананың ҳәм балалардың ден-саўлығына итибар қаратыў мақсетинде, саламат анадан саламат бала туўылыўин есапқа алып, балаларды дүньяға келтириўде 3 жыл интервал сақлаў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Демек, бул фактор туўылыўшылық дәрежесине туўрыдан-туўры тәсир өткермейди.

 

Екинши фактор.

Әлбетте, эконимикалық тәрептен раўажланып атырған мәмлекетте баҳалардың өсиўи бақланғаны сыяқлы Өзбекстанда да бундай жағдай бақланып атыр. Буған сәйкес түрде мийнет ҳақысының өсиўи параллел алып барылып атырғанлығы себепли бул фактор да туўылыўшылықтың кемейиўине сезилерли тәсир көрсетип атырған жоқ.

 

Үшинши фактор.

Ҳаял-қызлардың билим алыўы. Қарақалпақстанда мектеп питкериўшилери оқыўын жоқары оқыў орынларында даўам еттириўди мақсет етеди. Олардың көпшилигин қыз балалар қурайтуғынлығын жәмийетте өз көзимиз бенен көрип жүрмиз. Ата-аналар қыз балаларға келешек әўладты тәрбиялаўшылар сыпатында, оның балалар тәрбиясындағы орны үлкен екенлигин есапқа алып, ул балалар менен биргеликте қыз балалардың да жоқары билим алыўына үлкен итибат қаратады. Бул ҳаққындағы статистикалық мағлыўмат та усы пикирлеримизди дәлиллейди. 2016-2017-оқыў жылындағы жоқары билимлендириў системасында билим алып атырған ҳаял-қызлардың саны 2021-2022-оқыў жылында 3 есеге артқанлығын көриўге болады. Қарақалпақстан бул ҳаққындағы статистикада Ташкент қаласынан кейинги екинши орынды ийелеп келмекте. Демек, ҳаял-қызлардын билим алыўын Қарақалпақстандағы туўылыўшылықтың кемейип баратырғанлығына тәсир етиўши факторлардың бири сыпатында алып қарасақ болады.

 

 

Төттинши фактор. Ҳаял-қызлардың басқарыў системаларындағы үлесине итибар қарататуғын болсақ, 2017-жылдан берли Қарақалпақстан Әндижан ўәлаятынан кейинги екинши орынды ийелеглигин көриў мүмкин.

 

 

Бесинши фактор. Фертиль (15-49 жас) жасындағы ҳаяллар санының кемейиўи. 2021-жылы Қарақалпақстанда аналар өлими коэффициенти әдеўир жоқарылап кеткен.

 

 

Алтыншы фактор. Контрацепция

Өзбекстан Республикасы статистика комитетинде бул ҳаққындағы мағлыўматлар ўәлаятлар кесиминде емес, улыўмалық түрде берилген. Сол себепли, Қарақалпақстанда бул көрсеткиш өсип ямаса пәсейип атырғанлығын анықлай алмадық.

 

Республика көлеминде бала алдырыў ҳәм абортлар бойынша статистика менен қызықсындық. Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятларында абортлар саны 2011-жылға салыстырғанда жоқарылаған. Қарақалпақстан Республикасында болса 2011-жылға қарағанда дерлик бирдей көрсеткишке ийе.

 

 

Демек, жуўмақластырып айтатуғын болсақ, Қарақалпақстанда туўылыўшылық дәрежесиниң төменлеўине тәсир етиўши тийкарғы факторлар сыпатында ҳаял-қызлардың жоқары билимлендириў системасында, сондай-ақ жоқары лаўазымларда бәнт болыўы менен байланыстырыў мүмкин.

 

Сахибжамал Есемуратова

Karinform.uz

Ўхшаш янгиликлар