Ишки ислер министрлигиниң ветеранлар кеңеси баслығы Н.Таўмуратовтың фото архивлери менен таныса отырып бир сүўрет дыққатымды тартты. Сүўретте 80-жыллары Қарақалпақстан Автономиялы Республикасында басшы лаўазымында ислеген К.Рзаевтың кишкене бир балаға медаль тапсырып атырған көриниси сәўлеленген еди. Бул сүўрет менде үлкен қызығыўшылық оятты. Бул бала ким? Оған бул медальды не ушын тапсырып атыр? Оның қандай қахарманлығы бар екен? Ең баслысы оның кейинги тәғдири қандай болды екен? - деген сораўлар мени ойландырып қойды.
Дәслебинде Наўрызбай ағадан бул сүўрет туўралы мағлыўмат алмақшы болдық, лекин ҳәзирги пандемия пайытында оннан бул ҳаққында мағлыўмат алыўда биринши гезекте биз карантин талапларына бойсынған ҳалда жасыүлкен ағамыздың саламатлығын ойлап, ағамызға хабарласыўдан өзимизди тыйдық. Деген менен, сүўретте артқы планда сәўлеленип қалған инсан, яғный Ишки ислер министрлигиниң сол пайыттағы өрт қәўипсизлиги тараўының жуўапкерли лаўазымларын атқарған Виктор Иванович Живницкийди таныдық. Ветеран ағамыздың қол телефонын таўып, усы фотосүўретте сәўлеленген тарийхый көринис ҳаққында мағлыўмат алыўды алдымызға мақсет етип, оның менен ушырасыўға еристик.
Отставкадағы полковник В.Живницкий көпшиликке өзиниң адамгершилиги, кишипейиллиги менен белгили инсан. Оның сол минезин биз оның менен сәўбетлескенимизде де және бир мәрте гүўасы болдық. Бул фотосүўретти көриўден-ақ, биз оның жүзинде қандайдур бир қуўанышты сезгендей болдық. Оның биринши сораўы бул фотосүўретти қайдан таптыңыз? - деген сораўы болды.
Фотосүўрет ҳаққында мақала таярлайжақ екенимизди еситкен ол: «Сизлерге, әсиресе усы сүўретти сақлап келген Наўрызбай ағаға көп-көп рахмет!» - деди. Ол көп ойланып отырмай-ақ: «Бул нәресте мениң өмиримде умытылмас үлкен тәсир қалдырған бала деди. Себеби, алты жасар бала жанып лаўлап турған өрт ишинен үш үкесин алып шығыўы ҳәр қандай ересек адамның да қолынан келетуғын ис емес», - деди.
Биз оның гәпин еситип «демек бул бала кишкенелерди қутқарған қаҳарман бала болды-ғой», - деп ветеран ағамыздан ўақыя ҳаққында кеңирек мағлыўмат бериўин сорағанымызда:
Алжаспасам бул ўақыя 1983-1984-жыллары қыс айларында болды. Сол жыллары Нөкис қаласының «Орақ балға» елатында жайласқан үйлердиң биринде өрт келип шықты. Сонда мына сүўреттеги алты жасар бала өрт өшириўшилер жетип келемен дегенше өзи кишкене болыўына қарамастан кишкене үкелерин өрттен алып шыққан еди. Бул нәресте көп ўақыт бизлердиң қарамағымызда да болды. Марҳум полковник Б.Яқшыбаев, ветеран ағамыз Т.Ешбаевлар менен ол шаңарақтан көп хабар алып, жәрдемлер көрсетип турар едик, - деди ол. Ҳәтте, арадан ўақыт өтип ол ержеткенде оны өрт қәўипсизлиги тараўына хызметке тартпақшы болғанын, лекин айырым себеплер менен бул нийетин әмелге асыра алмағанын, Виктор аға гәп арасында айтып бир гүрсинип қоя берди.
Деген менен ол сол баланың «Орақ балға» елатында жақынға шекем жасағанын, ўақыт өтип өзи напақаға шығып ол бала менен байланысы үзилгенин, оның исмин, фамилиясын бүгин еслей алмағанына өзин айыплыдай сезип:
Егер сиз бүгин үлкен жигит болып қалған сол кишкене «қаҳарман баланы» тапсаңыз мениң менен бир хабарластырсаңыз сизлерге оғада миннетдар болар едим, - деди Виктор аға бизге үлкен үмитли көзлери менен қарап.
Ветеран ағамыз бул сүўретке узақ нәзер таслап фотосүўретте сол пайыттағы мәмлекетлик ғайраткер К.Рзаев, республикамыз Ишки ислер министрлигинен И.Довгополь, ӨзР ИИМнен З.Мирзаидовлардың кишкене қаҳарманды бурынғы СССР Жоқарғы Совети Президиумы қарары менен «За отвагу на пожаре» медалы менен сыйлықлап атырған пайыты сәўлеленгенин, бундай медаль болса сол ўақытта пүткил аўқам бойынша биринши мәртебе алты жасар, ол да болса қарақалпақстанлы балаға тапсырылғанын айтып, ҳәтте сол пайытта бул ўақыядан хабар тапқан СССР Орайлық телевидениесинен журналистлер Ухов ҳәм Гвоздлар келип, Орайлық телевидениениң «Время» информациялық бағдарламасына бала ҳаққында көрсетиў таярлағанын мақтаныш пенен айтып өтти.
Көп излениўлерден кейин сүўреттеги баланы табыўға да еристик. Ол ҳақыйқатында да Виктор аға айтқанындай «Орақ балға» аймағында турады екен. Ол болса бүгин 42 жастағы, пайтахтымыз мәкан пуқаралары жыйынларының биринде белсенди хызметкер атанған Рашид Дощанов болып шықты. Бүгин Нөкис қаласы «Ел абат» МПЖда хызмет етип атырған Рашид бир тараўда он сегиз жылдан берли хызмет етип киятырған өз кәсибиниң нағыз жанкүйери, шаңарақта үш перзенттиң сүйикли әкеси болып жетисип шыққан инсанлардың бири екен. Оның менен ушырасып, келгендеги мақсетимизди айтқанымызда ол ҳәтте таңланған да жоқ. Керисинше ол:
Бул ўақыяға көп ўақыт болып та кетти. Бул мүмкин сол ўақыттағы мендеги туўысқанлық инстинкт, кишкене үкелериме болған үлкен меҳирим арқасында келип шыққан батырлық та шығар, - дейди ол.
Деген менен, бул ўақыя сол пайытта тиллерде дәстан болды. Себеби, кишкене Рашид балалық етпей, қорықпастан өзин өртке урып, үкелерин қутқарыўы мыңнан бир ушырасатуғын жағдай. Буны бүгин де ҳеш ким бийкарлай алмаса керек. Рашидттиң қаҳарманлығы сол пайыттағы «Совет Ўзбекистони», «Правда Востока», «Совет Қарақалпақстаны», «Советская Каракалпакия», «Жеткиншек» газеталарының 1984-1985- жыллар санларында жарық көргени ҳәр қандай гәпке тастыйық болары сөзсиз. Бул сарғайып тозыўы жеткен газеталарды болса Рашидтиң әкеси Мурат ағаның муқыятлап сақлап қалғанының өзи мақтаўға ылайық.
«Жеткиншек» газетасының 1984-жыл 21-апрельдеги 33-санында «Кишкене қаҳарман» атамасындағы мақалада:
«Усы жылдың 18-февраль күни күн қатты суўық ҳәм самал болды. Сонлықтан да, Дощановлардың барлық үш баласы үйинде қалды. Балалардың ишинде ең үлкени 6 жасар Рашид, 4 жасар иниси ҳәм 3 жасар аталас қарындасы Замира менен ойынға қунығып кирисип кетти. Қатты қызған морыдан қамыс плита жана баслады. Төбеден қулаған сыбаў ғана балалардың ойынын бузды. Уйқылап атырған Азаматты оятты. Фарид, Замира ҳәм Азамат қорыққанларынан жылап жиберди. Ал, Рашид болса көп ойланып турмастан үкелериниң қолларынан услап оларды сыртқа шығарды. Ашшы түтинлерди жутқан балалар қатты жөтелди. Рашид те жылап жиберди, себеби ишкериде үкеси бесикте Азамат қалған еди. Ол және өзин ишке урды. Түтинлер арасынан түншығып атырған Азаматты қушақлап ишкериден Рашид шыққанда қоңсылар жыйналып қалған еди. Олар өрт өшириўшилерди шақырды.
Мине, солай етип 6 жасар Рашид үкелерин өрттен аман сақлап қалды. Бул нағыз қаҳарманлық», - деп бул ўақыяға анықлық киргизилген екен.
Биз Рашид пенен оның жумыс орнында ушырасқанымызда ол хызмет етип атырған «Ел абат» МПЖның баслығы Д.Баймурзаев келгендеги мақсетимди билип: «Мен Рашидтиң кишкене пайытында бундай қаҳарманлық ислегенин ҳәзир сизлерден билип турман. Усы пайытқа шекем Рашидтиң бул ҳаққында мақтанып гәп еткенин еситкеним жоқ», - деп оған тәсийин қалғанын билдирди.
Рашид усы мәкан пуқаралар жыйынында 18 жылдан берли пидайылық үлгилерин көрсетип, хызмет етип усы мәкан пуқаралар жыйынының алға илгерилеп раўажланыўында үлеси мол, - дейди ол.
Усы пайыт қаҳарман баланы тапсаңыз «Мениң менен хабарластырың» деген Виктор ағаның өтиниши есиме түсип, Рашид пенен Виктор ағаны телефон арқалы байланыстырдық. Виктор аға Рашидтиң даўысын еситкендеги оның телефон артындағы қуўанышын сездик. Биз өз гезегинде Р.Дощановтың алдағы жумысларына табыслар, шаңарағына аманлық тилеп ҳәм бундай бахытсыз ўақыялардың өмиримизде қайталанбаўын тилеп қаламыз.
Ө.ЕРМАНОВ,
журналист.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz