Telegram karinform

Сиясат

  • 03.05.2025 10:29
  • 163

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

 

 

Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай орында турған еди.

 

Рейтинг ҳәр жылы «Шегара билмес хабаршылар» шөлкеми тәрепинен жәҳән баспасөз еркинлиги күни алдынан жәрияланады. Биринши мәрте халықаралық ғалаба хабар қураллары еркинлигиниң жағдайы «аўыр» деп классификацияланбақта. Бул алдын жәрияланған «машқалалы» статусына салыстырғанда төменлеў есапланады.

 

Рейтингте миллий баспасөз еркинлиги бес көрсеткиш бойынша баҳаланады. Ҳәрбир мәмлекеттеги экономикалық, сиясий, ҳуқықый ҳәм социаллық-мәдений контекстлер, сондай-ақ, олардың қәўипсизлик жағдайы есапқа алынады. 2025-жылы бул көрсеткишлер (жәми 100 баллдан) 180 мәмлекетте орташа 54,7 баллды көрсеткен. Халықаралық орташа экономикалық көрсеткиш 44,1 баллды қураған. Бул да рекорд дәрежедеги ең төмен көрсеткиш, өткен жылы 46,4 балл еди.

 

Орайлық Азия мәмлекетлеринде сөз еркинлиги:

 

  • Қазақстан – 141-орын (142-орын еди);
  • Қырғызстан – 144-орын (120-орын еди);
  • Өзбекстан – 148-орын (өзгериссиз қалды);
  • Тәжикстан – 153-орын (155-орын еди);
  • Түркменстан – 174-орын (175-орын еди).

 

«Шегара билмес хабаршылар»дың атап өтиўинше, Европада баспасөз еркинлиги бойынша «барған сайын көбирек бөлиниў» бақланбақта. Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия регионы болса «пүткил дүнья бойынша ең кескин төменлеўди» басынан өткермекте.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте