Telegram karinform

Сиясат

  • 01.06.2025 12:00
  • 33

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)

 

Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Биз, байрам күнинде оларды сүўретке түсирип, интернет ҳәм социаллық тармақларға жайластырып, oлардың ҳуқықларын қорғаўдың орнына, керисинше өзимиз бузып атырған жоқпыз ба? Өзбекстан нызамшылығында бул ҳаққында не делинген?

Бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелерден бири балалардың сүўретинен пайдаланыў болып табылады. Жас өспирим ҳәм балаларды сүўретке түсириўде, сондай-ақ оларды тарқатыўда белгиленген тәртиплер бар.

 

Балаларды сүўретке түсириўде ата-ананың разылығы

Балаларды сүўретке түсириўде олардың ата-аналары ямаса ата-аналарының орнын басыўшы шахстан рухсат алыў талап етиледи. Улыўма алғанда, ҳәр қандай шахсты жәмийетлик орынларда сүўретке түсириў мүмкин, бирақ оларды тарқатыўдан алдын шахстың руқсатын алыў керек болады.

Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине муўапық, ата-ана өз балаларының тәрбиясы ҳәм камал табыўы ушын жуўапкер. Олар өз балаларының денсаўлығы, физикалық, руўхый, мәнаўий ҳәм әдеп-икрамлылық раўажланыўы ҳаққында ғамхорлық етиўи шәрт. Сол себепли, балаларды сүўретке түсириўден алдын, олардың ата-анасынан ямаса нызамлы ўәкиллеринен жазба ямаса аўызеки түрде рухсат алыў мақсетке муўапық.


Бала ҳуқықлары ҳәм оларды қорғаў

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясына муўапық, ҳәр бир бала өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳуқықына ие. Оның ҳуқықлары ата-анасы, қәўендерлик ҳәм ғамхорлық уйымлары, прокурор ҳәм суд тәрепинен әмелге асырылады. Соның менен бирге, балаларды сүўретке түсириўде олардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын ямаса жеке турмысына араласатуғын жағдайлардан сақланыў зәрүр.

 

Өзбекстан Республикасы нызамшылығы

Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 21-апрельдеги өзгерис киргизилген Пуқаралық кодексиниң биринши бөлиминиң «Жеке меншик болмаған ҳуқықлар ҳәм басқа материаллық емес өнимлер» деп аталған 99-статьясында шахстың сүўретке ҳәм видеоға болған ҳуқықы ҳаққында төмендегише көрсетип өтилген:

  • «Адамның өмири ҳәм денсаўлығы, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты, жеке қол қатылмаслығы, жумыстағы абырайы, жеке өмириниң қол қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сыры, атамаға болған ҳуқықы, көриниске болған ҳуқықы, авторлық ҳуқықы, басқа жеке меншик болмаған ҳуқықлар және туўылғанынан баслап ямаса нызамға муўапық пуқараға тийисли болған басқа материаллық емес өнимлер тартып алынбайды ҳәм өзгеше усылда басқа адамға берилмейди...».

Бирақ, бул статьяда шахсты қай ўақытта сүўретке түсириў ҳәм оны тарқатыў мүмкин екенлиги ҳаққында анық көрсетип берилмеген.


Сондай-ақ, фотожурналистлерге жәмийетлик орынларда – көше, дем алыў бағларында, баспасөз конференцияларында шахсларды, көтерилислер, авариялар ҳәм олардың қатнасыўшыларын, соның менен бирге, өз ўазыйпасын орынлап атырған жумысшылар – ишки ислер, денсаўлықты сақлаў, өрт қәўипсизлиги хызмети ҳәм қутқарыў хызмети хызметкерлерин сүўретке түсириўи қадаған етилмейди.

 

Демек, жүз берип атырған ўақыяны, оның атмосферасын аудиторияға жеткерип бериў ушын, көшелердеги шахсларды соның ишинде балаларды сүўретке түсириў мүмкин. Деген менен, оларды байрам илажларынан ажыратып алған ҳалда сүўретке түсириў ҳәм тарқатыў қадаған етиледи.

Бүгинги информациялар ағымы күшейген дәўирде түрли форматлардағы информациялар жүдә тезлик пенен тарқалмақта. Булардың ишинде, әсиресе, фотоматериаллар кең жәмийетшиликке күшли тәсир көрсетеди. Бунда ең соңғы заманагөй техника ҳәм технологиялардың да үлеси бар. Сонлықтан, фотожурналисттен ўақыяларды объективлик принциплерине сүйенген ҳалда сүўретке түсириў, ўақыяны дурыс сәўлелендириў журналистлик кәсиплик етика, сондай-ақ, ҳуқықый тәрептен де ҳәр қашан талап етиледи.

 

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...