Telegram karinform

Технология

  • 15.05.2025 18:11
  • 15

Google ҳаққында қызықлы фактлер

 

Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы ең ири ҳәм белгили компаниялардан бири болып есапланады. Төменде сизди таң қалдыратуғын Google ҳаққындағы ең қызық ҳәм әжайып фактлерди келтиремиз.

 

1. Google дәслеп «BackRub» деп аталған.

Google 1996-жылы Стенфорд университетинде Ларри Пейж ҳәм Сергей Брин тәрепинен жаратылған. Дәслеп олардың излеў системасы «BackRub» деп аталған. Бул атама интернет бетлериниң арқа байланысларын (backlink) анализлеў идеясынан келип шыққан. 1997-жылы олар оны «Google» деп өзгертти – бул «гоогол» (1 диң 100 нoл менен жазылған формасы) сөзинен алынған.

     . 

2. Ҳәр күни Google'да 8 миллиардтан аслам сораў изленеди.

Бүгинги күнде дүнья бойлап ҳәр күни 8 миллиардтан аслам излеў Google арқалы әмелге асырылады. Ҳәр секундта дерлик 100 мың сораў жибериледи. Бул интернеттеги ең көп қолланылатуғын излеў системасы екенлигин көрсетеди.

 

3. Google'дың биринши офиси гаражда жайласқан еди.

Google 1998-жылы 4-сентябрьде Калифорнияда дизимнен өткерилгенде, биринши офиси Susan Wojcicki (кейин Youtube бас директоры болган) гаражында жайласқан еди. Бул әпиўайы басланыў кейин ала миллиардлап долларлық компанияға айланыўы менен технология тарийхында әпсанаға айланды.

 

4. Google Doodles – тосаттан басланған жойбар.

Бүгинги күнде Google'дың бас бетинде байрамлар, белгили шахслар ҳәм тарийхый ўақыяларға бағышланған анимациялық логотиплер – Doodles көп ушырасады. Бул идея дәслеп 1998-жылы Бурнинг Ман фестивалы ушын жаратылған болып, пайдаланыўшыларға Google командасы дем алып атырғанын билдириў ушын қосылған.

 

5. Google хызметкерлерине бийпул аўқат, массаж ҳәм спорт залларын усынады.

Google дүньядағы ең қолайлы жумыс орталығын тәмийинлейтуғын компаниялардан бири болып есапланады. Хызметкерлерге бийпул азанғы аўқат, түслик, кешки аўқат, денсаўлықты сақлаў хызметлери, ҳәттеки жумыс орнында уйқылап алыў ушын арнаўлы орынлар да бериледи.

 

6. «Google it» деп аталыўшы сөзлер сөзликке киргизилген.

Инглис тилинде «to google» – яғный интернеттен бир нәрсени излеў деген мәнисти алады. Бул сөз ҳәтте 2006-жылы Оксфорд ҳәм Мерриам-Ўебстер сөзликлерине киргизилген. Бул – бренд атының әпиўайы фейилге айланған аз санлы жағдайларынан бири.

 

7. Google айға интернет жибериўди режелестирген.

Google'дың «Lunar XPrize» жобасы арқалы Айға робот жиберип, ол арқалы Жер менен интернет байланысын жолға қойыў режелери болған. Бул технологиялық жетискенликлерди Айдан да пайдаланыў имканиятын жарататуғыны ҳаққындағы үмитлер менен байланыслы еди.

 

8. Alphabet – Google'дың бас компаниясы.

2015-жылы Google өз структурасын өзгертип, бас компания – Alphabet Inc.ди шөлкемлестирди. Google, Youtube, Waymo (автоном автомобильлер), Deepmind (АИ) сыяқлы көплеген жойбарлар енди Alphabet қурамына киреди.

 

Google бүгинги күнде тек ғана излеў системасы емес, ал жасалма интеллект, мобиль технологиялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм космосты үйрениў сыяқлы көплеген тараўларда жумыс алып барып атырған технологиялық гигантқа айланған. Әпиўайы студентлер тәрепинен басланған бул жойбар, пүткил инсанияттың турмыс тәризин өзгертиў дәрежесине жетти. Ҳәр бир пайдаланыўшы болса бул технологиялардың жемисинен ҳәр күни пайдаланбақта.

Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған