Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық ҳаял-қызлар демократиялық конфедерациясы конгрессинде қабыл етилген болып, 1950-жылдан белгиленетуғын болды.
1-июнь күни дүнья бойлап балалар ҳуқықларын қорғаўға, оларға болған зорлықларға қарсы гүресиўге бағышланған илажлар өткериледи. Сондай-ақ, балалар ушын байрам ҳәм концерт бағдарламалары шөлкемлестириледи.
Karinform.uz редакциясы сайт оқыўшыларын усы сәне менен қутлықлап, перзентлериниң бахтын көриўди тилеп қалады.