12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте қайта ислеп шыққанын жәриялады.
Google логотипи 10 жыл ишинде биринши мәрте қайта исленди – алдынғысы 2015-жылдан берли жаңаланбаған еди. Компания «G» ҳәрипли логотибин сақлап қалды, бирақ енди корпоратив реңлер шегарасы жоқ. Қызыл, сары, жасыл ҳәм көк енди бир градиентке бирлестирилип, логотипти еле де анық қылған.
Жаңа Амазон логотипи
Америка базары 20 жыл ишинде биринши мәрте өз логотипин жаңалады. Күлимсирейтуғын стрелка кеңирек болды ҳәм реңи қойыўласты. Шрифт болса заманагөйлескен. Амазонның айтыўынша, жаңа логотипти ислеп шығыў ушын 1 жыл 6 ай ўақыт кеткен.