Telegram karinform

Технология

  • 02.07.2018 12:50
  • 1996

Нано деген не?



Кейинги он жыллықта дүнья жәмийетшилиги сөзлигине «нано» сөзи кирип келди. Хош, «нано» деген не? Қысқаша етип айтқанда, нано миллиардтан бир бөлек дегени.
Lәреклерде yанотехнологияға толық ҳәм анық түсиник берилмеген. Бирақ, бар болған микро¬тех¬нология тийкарында бул өлшемлерди на¬но-метрдеги технология деп жүргизиў мүмкин. Соның ушын микродан наноға өтиў – бул элементти басқарыўдан атомды басқарыўға өтиў дегенди билдиреди. Тараўдың раўажланыўы дегенде тийкарынан үш жөнелис түсиниледи:
— өлшеми атом ҳәм молекулалар өлшемлери менен салыстырмалы электрон схемаларды таярлаў;
— наномашиналарды проектлестириў ҳәм ислеп шығыў;
— айрықша атом ҳәм молекулаларды басқарыў ҳәм олардан айрықша микрообъектлерди жыйнаў.
Бул жөнелислердеги излениўлер көп ўакыттан берли алып барылмақта. 1981-жылы туннелли микроскоп жаратылып, айрықша атомларды көриў мүмкин болды. Соннан берли технология сезилерли дәрежеде раўажландырылды. Бүгин бул жетискенликлерди күнделикли турмыста қолланып атырмыз: лазерли дисклерди ислеп шығарыў, атап айтқанда, ДВД дисклерден нанотехнология усылысыз пайдаланыў мүмкин емес.
Тараў жетискерликлериндеги тийкарғы басқышларына итибар қаратсақ.
1959-жыл. Нобел сыйлығының ийеси Ричард Фейнман келешекте айрықша атомларды басқарып, адам ҳәр қандай элементти синтез етиўи мүмкинлигин болжаған.
1981-жыл. Биниг ҳәм Рорер тәрепинен элементлерден атомлар дәрежесинде тәсир ете алатуғын сканерлейтуғын туннел микроскоптың жаратылыўы.
1990-жыл. Айрықша атомларды басқарыўға ерисилди.
1994-жыл. Өндиристе нанотехнология усыллары қолланыла баслады.

Интернет материалы тийкарында таярлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...