Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.12.2024 10:00
  • 36

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

 

Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир бөлегине айланып баратырған бир дәўирде китап оқыў бирқанша қыйыншылық туўдырады.

Қәлеген түрдеги мағлыўматты интернеттен табыў имканиятына ийе болсақ та, китаплардың орны еле күшли болып қалмақта. Бүгин 300 бетли китап оқыў үлкен сабырды талап етеди, себеби ҳәмме нәрсе тезлескен, ҳәмме қысқалыққа умтылып атыр.

Не ушын «Китап оқы, китап оқы» деп көп айтылады. Ол соншелли әҳмийетли ме? Китап оқыўдың қандай пайдалары бар? 

«Oberlo» сайтында берилген Томас Ж. Лаўдың мақаласында ҳәр күни китап оқыўдың тийкарғы 10 пайдасы келтирилген:

 

1.  Қымбатлы билимге ийе болыў;

2.  Мийди шынықтырыў;

3.  Дыққатты жақсылаў;

4.  Еслеў қәбилетин күшейтиў;

5.  Ойын-күлкиден заўықланыў;

6.  Эмпатия қәбилетин жақсылаў;

7.  Сәўбетлесиў қәбилетин жақсылаў;

8.  Стрессти кемейтиў;

9.  Руўҳый саламатлықты жақсылаў;

10.  Узақ жасаў.


 

  1. Қымбатлы билимге ийе болыў.

YouTube видео яки подкасттан парықлы түрде, китаплар терең билимлерге ерисиў имканын береди. Басқаша етип айтқанда, егер сиз өнимлирек болыўды қәлесеңиз, қайсысынан көп нәрсе үйренемен деп ойлайсыз: 20 жыл даўамында ѳнимдарлықты үйренген адамның китабынан ба яки усы темаға қызыққан адамның 10 минутлық YouTube видеосынан?


 

  1. Мийди шынықтырыў.

Изертлеўлер соны тастыйықлайды, оқыў мийдеги шынжырлар ҳәм сигналлардың қурамалы тармағын жақсылайды. Оқыў қәбилетиңизди жақсылаған сайын, бул тармақлар күшлирек ҳәм қурамалырақ болады. Оқып атырған ўақытта ҳәм оннан кейин бирнеше күн даўамында мий менен байланыс күшейеди. 

Және биринде изертлеўшилер роман оқыў мийимизге қалай тәсир етиўин өлшейди. Қатнасыўшылар Роберт Харристиң «Помпей» романын оқыйды. Шығарманың раўажланыўы өсип барыўы менен, мийдиң көбирек бөлимлери белсендилеседи.


 

  1. Дыққатты жақсылаў.

Дыққатты жәмлей алыў бизиң жетискенликке ерисиўимиз ушын әҳмийетли. Microsoft тәрепинен алып барылған изертлеў соны кѳрсетеди, адамлар әдетте 8 секунддан кейин итибарды жойтады. Оқыўдың тийкарғы абзаллықларынан бири сонда, ол бир ўақыттың өзинде тек бир нәрсеге дыққатты жәмлеўге жәрдем береди. Мысалы, роман сизди басқа дүньяға алып кетиўи ушын барлық итибарыңызды талап етеди. 


 

  1. Еслеў қәбилетин жақсылайды.

Әдебий болмаған китапты оқып атырғаныңызда оқып атырған тема бойынша жүдә көп мағлыўматты қабыллайсыз. Тап сондай, роман оқығаныңызда, шығарманың сюжети, қаҳарманлар ҳәм олардың мүнәсибетлери, ўақыя жүз берген орталық ҳаққында тонналап мағлыўматларды еслеп қалыўыңыз керек. Бул жаңа мағлыўматлардың барлығы жаңа ядларды пайда етеди. Ҳәрбир жаңа яд  синапсларды жаратады яки ескилерин беккемлейди.


 

  1. Заўықланыў.

Китаплар планетадағы ең қызықлы ойын-күлгилерди усынады. Жазыўшы Стивен Кинг айтқанындай, «Китаплар өзине тән портатив сыйқыр». Китап оқыў – үйде қәўипсиз заўықланыў, түрли өмирлерде жасаў, ҳәрқыйлы қызықлы ўақыяларды, эмоцияларды бастан кешириў имканын береди.


 

  1. Эмпатия қәбилетин жақсылайды.

Китап оқыўдың және бир пайдасы сонда, олар басқаларға дәртлес болыў қәбилетин арттырады. Эмпатия көп абзаллықларға ийе – стрессти кемейтеди, мүнәсибетлерди жақсылайды ҳәм т.б. Бул бойынша алып барылған изертлеў қаҳарманлардың ишки өмири ҳәм сезимлерин үйренетуғын шығармаларды оқығанда, басқалардың туйғылары ҳәм кѳзқарасларын түсиниў қәбилети жақсыланатуғынын анықлайды. Жазыўшы Жон Грин усындай деген еди: «Жақсы китаплар түсиниўге ҳәм түсинилиўге жәрдем береди».


 

  1. Байланыс орнатыў, сәўбетлесиў.

Байланыс орнатыў қәбилети турмыслық әҳмийетли көнликпе есапланады. Өткерилген бир изертлеўде жумыс бериўшилердиң 69%и нәтийжели байланыс орнатыў сыяқлы көнликпелерге ийе адамларды жумысқа алыўға ҳәрекет етип атырғанлығы анықланған.

Оқыў жазыў стилине тәсир етиўи ҳәм сөз байлығын арттырыўы мүмкин. Жақсы жазылған шығарманы оқығанымызда, оның жазылыў стили, ритми ҳәм композициясын тәбийий түрде бақлаймыз. Бул өзгешеликлер болса жазыў көнликпемизге тәсир етеди.

 

  1. Стрессти кемейтеди.

Изертлеўлер соны дәлиллейди, 30 минут оқыўдың өзи қан басымын, жүрек урыў тезлигин ҳәм руўҳый түскинликти кемейтиўи мүмкин. Ҳәтте, алты минут оқыў стресс дәрежесин үштен еки бөлегинен көбирек кемейттире алады. «Китапта өзиңизди жоғалтыў – бул ең жақсы дем алыў» дейди изертлеў өткерген когнитив нейропсихолог доктор Девид Люис.                                                                                                                                                        

9. Руўҳый саламатлық.

Изертлеўшилер айырым китаплардың депрессия яки басқа руўҳый кеселликлерге тәсир етиўин анықлаған. Нәтийжеде, Уллы Британия Миллий денсаўлықты сақлаў хызмети «Reading well» деп аталған китапларды рецептлеў программасын баслайды. Бунда қәнигелер тәрепинен дүзилген руўҳый саламатлыққа тәсир ететуғын китаплар орын алған.  

Бул сыяқлы китаплардан терапия сыпатында пайдаланыў ҳәрекети «библиотерапия» деп аталады.

 

10. Узақ жасаў.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм напақаға шығыў бойынша 12 жыллық тәжирийбе соны көрсетеди, китап оқығанлар китап, журнал ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларын оқымағанларға қарағанда еки жыл көбирек өмир сүреди. Буннан тысқары, күнине 30 минут (ҳәптесине 3,5 саат) китап оқыйтуғынлар тез оқымағанлардан 23%ке көбирек жасаған.

Оқыў жасқа байланыслы когнитив пәсейиўдиң алдын алыўға да жәрдем береди. Улыўма айтқанда, ҳәр күни китап оқысаңыз, ақылый қәбилетти сақлап қалыў ҳәм узақ өмир көриў итималы көбирек болады.

Китаплардан ҳәмме нәрсени үйрениў мүмкин, олар түрли идеялардың пайда болыўына себепши бола алады. Соның ушын да китап оқыў көплеген жетискенликке ерискен инсанлардың әдетине айланған. Мысалы, SpaceX тийкаршысы Илон Масктан ракета жасаўды қалай үйренгенин сорағанда ол: «Мен көп китап оқыйман» деп жуўап береди.

 

Social

Усыныс етемиз

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Жүрек саламатлығы ушын әҳмийетли усыныслар

Жүрек саламатлығы ушын әҳмийетли усыныслар

    Дурыс аўқатланың. – Майлы дузлы ҳәм тез таярланатуғын аўқатлар жүрек ушын зыянлы; – Дәнли өнимлерди

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки