Telegram karinform

Технология

  • 25.03.2025 13:35
  • 198

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди




Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр. 

OpenAI ҳәм Массачусетс технология институты изертлеўшилери ChatGPT менен турақлы сөйлесиў адамлар менен аз сөйлесиўге ҳәм жалғызлық сезимин күшейтиўге алып келиўи мүмкин екенлигин анықлады. Тәжирийбелердиң биринде илимпазлар бир ай даўамында ChatGPT'ден пайдаланатуғын 1000 ға шамалас адамды бақлады. Оларға ҳәр күни кеминде бес минут даўамында чат-боттың текстли ямаса даўыслы версиясы менен сөйлесиў усыныс етилди.

 

Нәтийжелер төмендегише болды:

  • Адам ChatGPT'ден қанша көп пайдаланса, оған сонша көбирек байланып қалады;
  • Жасалма интеллектке болған исенимниң жоқарылығы жалғызлық сезими ҳәм технологияға ғәрезлиликти келтирип шығарады;
  • Боттың даўысы эмоционаллық байланыслылық дәрежесине тәсир етпейди.

 

Екинши изертлеўде ChatGPT менен өткерилген 3 млн сәўбет үйренилип, сораўнама өткерилди. Нәтийжелер соны көрсетти, пайдаланыўшылардың оғада аз бөлеги жасалма интеллект пенен әҳмийетли жеке темаларды додалаған.

2022-жылы ChatGPT иске түсирилгеннен берли генератив жасалма интеллекттиң ғалабалығы кескин артты. Программистлер сөйлесиўди еле де тәбийий ететуғын даўыслы функцияларды енгизбекте. Илимпазлардың пикиринше, бул жағдай парасоциал байланыслардың қәлиплесиўине алып келиўи мүмкин, бунда пайдаланыўшы чат-ботты жанлы сәўбетлес сыпатында қабыл етеди.

 

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиўдиң, әсиресе, жаслар ҳәм руўхый қыйыншылықларды бастан өткерип атырған шахсларға тәсири ҳаққында қәўетерленбекте. OpenAI бул мәселени үйрениўди даўам еттирмекте, бирақ ҳәзирше жуўмақ шығарыўға ерте.

«Изертлеўимиз ChatGPT'ден пайдаланыў тиккелей жалғызлықты келтирип шығаратуғынлығын дәлиллемейди» – деп атап өтеди Массачусетс технология институты аспиранты Кети Менъин Фанг. «Биз жасалма интеллекттен белсене пайдаланатуғын адамлар менен оны қолланбайтуғын адамларды салыстырып көрмедик». Чат-бот қарамлыққа алып келе ме ямаса жалғыз адамлар оған көбирек мүрәжат ете ме, ҳәзирше белгисиз.

Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында