Өзбекстан Республикасы нызамшылыққа муўапық, жумыс излеп атырған шахслар жеке бәнтлик агентликлери алдында төмендеги ҳуқықларға ийе, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң telegram каналы:
- жумысқа жайластырыўға көмеклесиў бойынша хызметлер көрсетиў ҳаққындағы шәртнама орынланыўының барысы ҳаққында мағлыўмат алыў;
- жеке бәнтлик агентлиги тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған жағдайда ҳәм нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа жағдайларда, хызметлер көрсетиў ҳаққындағы шәртнаманың бийкар етилиўин талап етиў;
- хызметлер көрсетиў ҳаққындағы шәртнама жеке бәнтлик агентлигиниң айыбы менен бийкар етилгенлиги себепли келтирилген зыянның орны қапланыўын ҳәм руўхый зыян компенсация етилиўин талап етиў;
- өз ҳәм нызамлы мәплери бузылған жағдайда тийисли мәмлекет органларына, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўшы шөлкемлерге, жеке бәнтлик агентликлериниң бирлеспелерине ямаса судқа мүрәжат етиў.
Қарардың толық варианты менен төмендеги силтеме арқалы танысыўыңызға болады:
http://lex.uz/docs/3992869
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz