Telegram karinform

Мәденият

  • 29.10.2019 12:17
  • 1522

И.В.Савицкий музейинде «Ақ төбедеги қала» атамасындағы көшпели көргизбениң ашылыўы болып өтти

И.В.Савицкий музейинде «Ақ төбедеги қала» атамасындағы көшпели көргизбениң ашылыўы болып өтти

2019-жыл 27-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейинде «Ақ төбедеги қала» атамасындағы көшпели көргизбениң ашылыўы болып өтти, деп жазады музейдиң telegram каналында.
«Өзбекстанда Қазақстан жылы» шеңберинде өткерилип атырған бул халық аралық көргизбеден Ақтөбе ўәлаяты көркем өнер музейи фондында сақланып атырған экспонатлар орын алған. 2019-жыл 27-30-октябрь күнлери аралығында Нөкис қаласы турғынлары ҳәм мийманлары Қазақстанлы художниклердиң 70 тен аслам живопись ҳәм графикалық дөретпелерин көрип тамашалаў имканиятына ийе болады.

И.В.Савицкий музейинде «Ақ төбедеги қала» атамасындағы көшпели көргизбениң ашылыўы болып өтти

Көргизбениң ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри орынбасары А.Ниетуллаев сөзге шығып, жыйналғанларды мәмлекетлер арасындағы халық аралық байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғын, үлкен әҳмийетке ийе болған көргизбе менен қутлықлады. Ақтөбе ўәлаяты көркем өнер музейи тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейине М.Габдурахмановтың «Ақмолағайдың порлы таўлары» атлы картинасы саўға етилди ҳәм бул дөретпе музей фондынан орын алды.

И.В.Савицкий музейинде «Ақ төбедеги қала» атамасындағы көшпели көргизбениң ашылыўы болып өтти

И.В.Савицкий музейинде «Ақ төбедеги қала» атамасындағы көшпели көргизбениң ашылыўы болып өтти

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын