Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.10.2019 11:34
  • 1002

Илимий искерлик жүргизиўшилер ушын 48 күнлик мийнет дем алысы бериледи

Илимий искерлик жүргизиўшилер ушын 48 күнлик мийнет дем алысы бериледи

Өзбекстан Республикасы Президенти «Илим-пән ҳәм илимий искерлик ҳаққында»ғы нызамға қол қойды, деп жазады Әдиллик министрлиги.
Оған муўапық, илим-пән ҳәм илимий искерлик тараўының тийкарғы жөнелислеринен бири илим-пән ҳәм илимий искерликти раўажландырыў арқалы миллий экономикалық бәсекиге таярлаў ҳәм нәтийжеликке ерисиўден ибарат.
Нызам менен бир қатар шөлкемлердиң илим-пән ҳәм илимий искерлик тараўындағы ўәкилликлери белгилеп берилди.
Илимий искерлик жүргизиўши шахслар бир қатар миннетлемелерге ийе:
  • инсан өмири ҳәм денсаўлығы, әтирап-дөгерекке зыян жеткермеў;

  • көширмешиликке жол қоймаў, өзгелердиң илимий жумысларын өзлестирмеў ҳәм жалған мағлыўматларға тийкарланбаў;

  • интеллектуал мүлк ҳуқуқлары ҳәм илимий әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бойсыныў.


Нызамға муўапық, мәмлекетлик илимий шөлкемлерде илимий искерлик жүргизиўши шахсларға 48 жумыс күнинен ибарат жыллық ҳақ төленетуғын ҳәм материаллық жәрдемди нәзерде тутатуғын мийнет дем алысы бериледи. Нызам рәсмий жәрияланған күннен енгизиледи.
Нызамдағы илимий искерлик жүргизиўши шахслар ушын мийнет дем алысы нәзерде тутылған нызам 2020-жыл 1-январьдан күшке киреди.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған