
Оқыўшылар тәрепинен мектеп формасын кийиўде төмендеги талапларға әмел етилиўи лазым, деп жазады Huqiqiy malimleme telegram каналы:
- кийимлердиң жүдә тар ямаса жүдә кең пишимде болмаўы;
- қызлар ушын юбканың узынлығы дизеден 5 — 15 см төменде болыўы;
- ул балалар ушын шалбардың узынлығы аяқ тобығынан төменде болыўы;
- аяқ кийимлер өкшесиниң 3 сантиметрден бийик болмаўы.
Мектеп формасының материалы оқыўшылардың жасына, санитария қағыйдалары, нормалары ҳәм гигиена нормативлерине толық жуўап бериўи шәрт.
Толық мағлыўматты төмендеги силтеме арқалы танысыўыңызға болады: http://lex.uz/docs/3866498#3874198
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


