Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.11.2019 11:17
  • 1171

Қоңыратта ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша илаж өткерилди

Қоңыратта ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша илаж өткерилди

2019-жыл 2-ноябрь күни Қоңырат районлық Өрт қәўипсизлиги бөлими хызметкерлери тәрепинен район аймағындағы пуқаралар турақ жайларында, экономика тараўлары объектлери ҳәм билимлендириў мәкемелеринде пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўиниң алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдалары бойынша үгит-нәсият илажы өткерилди, деп хабар берди Коңырат районлық Өрт қәўипсизлиги бөлими баслығы орынбасары, майор М.Халмуратов. Оған районлық Өрт қәўипсизлиги бөлими, районлық газ, электр тармақлары кәрханалары ҳәм өрттен қорғаў жәмийетлеринен хызметкерлер қатнасты.

Қоңыратта ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша илаж өткерилди

Илаж даўамында район аймағында 816 пуқаралар турақ жайлары, 22 көп қабатлы үйлер тексерилди. Сондай-ақ экономика тармақлары объектлеринде де өрт-профилактика көриклери өткерилип кемшиликлер сол жердиң өзинде сапластырылды. Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-июль күнги «Республика экономика ҳәм социаллық тараўларын 2019-2020-жыллар гүз-қыс мәўсиминде үзиликсиз ислеўине комплекс таярлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4407 санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған