Telegram karinform

Мәденият

  • 11.11.2017 16:25
  • 2229

Трейлер. АҚШ–Вьетнам урысына байланыслы қупыя ҳүжжетлердиң жәрияланыўы ҳаққында фильм шығарылды



Социаллық тармақларда белгили кинематограф Стивен Спилбергтиң «Қупыя ҳүжжетлер» атлы жаңа картинасының трейлери пайда болды. Картина «Пентагон ҳүжжетлери» деген ат пенен белгили болған тарийхый ўақыяға тийкарланады. Фильмдеги баслы роллерди белгили актриса Мэрил Стрип ҳәм актёр Том Хэнкс атқарған.
Картина сюжети АҚШ Қорғаныў министрлигиниң Вьетнам урысындағы АҚШтың роли изертленген бирнеше жыллық жумыслардың журналистлердиң қолына түсиўин сөз етеди. 1971-жылы «The New York Times» пенен «The Washington Post» басылымлары ҳүжжеттиң үзиндилерин журтшылыққа жәрия еткен еди. Мақала «Америка–Вьетнам қатнасықлары, 1945-1967: Изертлеў» деген атамада жарық көрген. Нәтийжеде ҳүкимет ҳәм журналистлер арасында үлкен қарама-карсылық жүзеге келди.
Картинада Том Хэнкс «The Washington Post» газетасының редакторы Бен Брэдли, ал Мэрил Стрип болса ири ғалаба хабар қуралын басқарған тарийхтағы дәслепки ҳаял – Кей Грэм атлы редактор ролин атқарған.
Фильм усы жылдың 22-декабрь күни сатылыўға шығарылады. Төменде сиз фильмниң трейлерин тамашалаўыңыз мүмкин.



Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...