Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.11.2019 22:29
  • 1865

Жолдың қарама-қарсы тәрепинде ҳәрекетленген Cobalt бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Жолдың қарама-қарсы тәрепинде ҳәрекетленген Cobalt бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Сайтымыздың telegram-bot мәнзилине келген жолдың қарама-қарсы тәрепинде ҳәрекетленген Cobalt автомобилиниң видеосын жәриялаған едик. Бул видео бойынша рәсмий жуўап берилди. Анықланыўынша, бул ўақыя 2019-жылдың 24-август күни Нөкис қаласы Беруний көшесинде болып өткен. Cobalt маркалы автомобильди Нөкис қаласында жасаўшы 1990-жылы туўылған пуқара Қ.Т. басқарған, деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ баспасөз топары хызмети аға инспекторы аға лейтенант Салаўат Қәллибеков.
Автомобиль ўақтынша сақлаў жәрийма майданшасына қойылып, қарама-қарсы тәрепке ҳарекетленип, автотранспортларға авариялық жағдай келтирип шығарғанлығы ушын пуқараға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарарының жол ҳәрекети қағыйдалары ҳаққындағы нызамының 2-бәнтине тийкарланып ҳәкимшилик баянламасы дүзилген.



Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...