
Сайтымыздың telegram-bot мәнзилине жетип келген нәўбеттеги видеода жөнелисли таксиде жолаўшы ҳаялдың этика қағыйдаларына бойсынбай автомобильдиң ишинде семечка шағып отырғанлығы сәўлеленген. Бул видео оның менен биргеликте автомобильде отырған екинши жолаўшы тәрепинен сүўретке алынған.
Әлбетте, бул жәмийетте ҳәмме бирдей мәдениятлы, ақыллы ҳәм билимли бола бермейди. Деген менен, қасындағы кишкене қызына өрнек болыўдың орнына жөнелисли таксидиң ишин патаслап отырған ҳаялды ҳеш қандай жол менен ақлаў мүмкин емес. Бундай адамлар усындай жәмийетлик қадағалаўлардан соң тийисли жуўмақ шығарады деген үмиттемиз.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


