
Усы жылдың 13-14 нобярь күнлери Қазақстан Республикасының пайтахты Нур-Султан қаласында Қазақстан халқы ассамблеясының IV Медиа форумы болып өтти. IV Медиа форумда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры Шамшетдин Абдиназимов баянат жасап, шет елден келген эксперт сыпатында қатнасып, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, парахатшылық ҳәм руўхый мәдениятты раўажландырыўға қосқан айрықша хызметлери ушын Қазақстан халқы Ассамблеясының «Бирлик» алтын медалы менен сыйлықланды.

Бул форумға Туркия ҳәм Өзбекстаннан халық аралық экспертлер ҳәм шолыўшылар, Қазақстан Республикасы депутатлары, Информация ҳәм жәмийетлик раўажланыў Министрлигиниң, басқа да мәмлекетлик органлардың ўәкиллери, Қазақстан халқы ассамблеясының этномәдений бирлеспелер ҳәм жаслар қанаты ўәкиллери ҳәм ағзалары, сондай-ақ аймақлық ҳәм республикалық ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


