Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.11.2019 20:33
  • 928

Нөкисте «Пал өнимлери байрамы» болып өтпекте

Нөкисте «Пал өнимлери байрамы» болып өтпекте

15-ноябрь күни Нөкис қаласы «Орайлық дийқан базары»нда «Пал өнимлери байрамы» басланды, деп жазады madeniyat.uz. Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм Палҳәррешилер ассоциациясының шөлкемлестириўинде ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған байрам ярмаркасында республикамыздағы палҳәррешилик пенен шуғылланатуғын 70ке шамалас фермер хожалықлары ҳәм жеке исбилерменлер өз өнимлери менен қатнаспақта.

Нөкисте «Пал өнимлери байрамы» болып өтпекте

Өткерилип атырған байрам республикамызда жумыс алып барып атырған палҳәррешилерди бирлестириўге, өз-ара тәжирийбе алмасыўға жәрдем береди. Байрам шеӊберинде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жәмәәти тәрепинен таярланған сахналық көринислер ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими көркем өнер шеберлериниӊ атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға инам етилди.

Нөкисте «Пал өнимлери байрамы» болып өтпекте

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында