Усы жылы ҳәптесине 5 күн ислеўши хызметкерлер ушын төмендеги күнлер дем алыс күни есапланады:
- 31 декабрь – Сийшемби (көширилген дем алыс күни);
- 1 январь – Сәршемби (Жаңа жыл байрамы);
- 2 январь – Пийшемби (көширилген дем алыс күни);
28-декабрь (Шемби) ҳәм 4-январь (Шемби) күнлери ҳәптесине 5 күн ислеўшилер ушын рәсмий жумыс күни болады.
Ҳәптесине 6 күн ислеўшилер ушын төмендеги күнлер дем алыс күни есапланады:
- 1 январь – Сәршемби (Жаңа жыл байрамы);
- 2 январь – Пийшемби (көширилген дем алыс күни).
30-31-декабрь күнлери ҳәптесине 6 күн ислеўшилер ушын рәсмий жумыс күни есапланады.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz