
2019-жыл 13-ноябрь күни саат 15:30лерде Гүлистан мәмлекетлик университети Филология факультети, «Өзбек тили ҳәм әдебияты» жөнелиси 4-курс студенти Ю.Қ. университеттиң бас бинасы 3-қабатынан телефон арқалы сөйлесип атырған ўақтында төменге жығылып түскен.
Қыстаўлы тез жәрдем шақыртылып, студент республикалық қыстаўлы тез жәрдем Сырдәрья бөлимине алып барылған ҳәм толық медициналық тексериўден өткерилген. Ол ўәлаят емлеўханасында операция исленген ҳәм берилген мағлыўматларға қарағанда, оның улыўмалық жағдайы қанаатланарлы дәрежеде.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz