Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.11.2019 16:48
  • 1635

Қоңыратта айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

Қоңыратта айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы менен биргеликте Қоңырат районындағы бир қатар объектлерде айрықша жағдайлар жүз бергенде қутқарыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша ис-реже ислеп шығылған еди. Усы режеге муўапық, 20-ноябрь күни райондағы бирқанша объектлерде арнаўлы хызметлер менен биргеликте тактик оқыў шынығыўлары шөлкемлестирилди. Дәслеп район ҳәкимлиги мәжилислер залында Қоңырат районлық Айрықша жағдайлар ҳәм Өрт қәўипсизлиги бөлими басшылары тәрепинен райондағы кәрхана хәм шөлкем басшылары қатнасында жыйналыс болып өтти. Жыйналыста 20-22 ноябрь күнлери аралығында өткерилиўи тийис болған тактик оқыў шынығыўларының әҳмийети түсиндирилди.

Қоңыратта айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

Буннан соң режеге муўапық, райондағы 63-санлы автобаза майданына арнаўлы хызметлер менен биргеликте қураллар көриктен өткерилди.
Районлық медицина бирлеспесинде биринши медициналық тез жәрдем отряды, Қызыл Ярым ай Жәмийетиниң жер қозғалыўы нәтийжесинде жәбирленген шахсларға медициналық жәрдем көрсетиў ҳәрекетлери тактик шынығыўлар арқалы үйренилди.

Қоңыратта айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

Қоңыратта айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

Қоңыратта айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыў бойынша арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

Буннан басқа да, 6-санлы Қоңырат компрессор станциясында, аймақлар аралық Темир жол узели кәрханасында ҳәм «Таллық» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында тәбийий, техноген түрдеги айрықша жағдайлар ҳәм жер силкиниўлери нәтийжесинде жүз бериўи мүмкин болған аварияларды сапластырыў ҳәрекетлери бойынша арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында