
Усы жылдың 20-ноябрь күни Өзбекстан жаслар аўқамы қурамындағы Өзбекстанда жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм «Жаслар – келешегимиз» фонды Қоңырат районлық филиалы, 48-санлы мектептиң оқыўшы жаслары менен биргеликте «QURILISH KUNGRAD» ҳәм «EVRIKA KUNGRAD» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерине бизнес саяхат шөлкемлестирилди. Бизнес саяхат даўамында жасларға «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша түсиниклер берилди. Фондтан 7% кредит алып өз исбилерменлик жумысын баслаған жас исбилерменлер тәрепинен оқыўшы жасларға исбилерменлик бойынша түсиниклер берилди.


Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июль күнги «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққындағы пәрманының әҳмийетин кеңнен түсиндириў ҳәм жасларды исбилерменлик тараўына қызықтырыў мақсетинде әмелге асырылды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


