Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.11.2019 21:00
  • 1018

Блог деген не? Оның қандай түрлери бар?

Блог деген не? Оның қандай түрлери бар?

Соңғы жыллары веб-блоглар турмысымызға басқа ҒХҚ сыяқлы терең кирип бармақта. Оларда жәмийеттиң түрли тараўлары бойынша мағлыўматлар, информациялар сәўлеленбекте. Олардың арасында жәмийеттеги ўақыяларға мүнәсибетти сәўлелендиретуғын, оларды анализлеп, кескин пикирлер билдиретуғын блогларды ушыратыў мүмкин.
Интернет глобал тармағында тармақлы күнделиклердиң, яғный веб-блоглардың жүзеге келиўи 1996-жыллардың басларына туўры келеди. Ең дәслепки бийпул блог хызмети есапланған Blogger.com сайты 1999-жылы Сан-Францискодағы Pyra Labs компьютер компаниясы тәрепинен жаратылған. Блог ҳаққында 2000-жылдың орталарынан, олардың дүнья көлеминдеги тәсириниң артыў дәўиринен баслап кең түрде сөз етиле баслады.
Блог инглис тилиндеги «blog», «web log» сөзлеринен алынған болып, интернет-журнал, интернет-күнделик, онлайн-кунделик болып табылады. Бул термин 1997-жылы 17-декабрьде Йорн Баргер тәрепинен илимге киргизилген болып, оның дәстүрий күнделиктен өзгешелиги олар публикаға жәрияланады ҳәм қәлеген адам оқыў имканиятына ийе болады.

Блог деген не? Оның қандай түрлери бар?

«Technorati» шөлкеминиң 2007-жыл декабрь айындағы изертлеўлерине муўапық, интернет тармағында блоглардың улыўма саны 112 миллионнан артты. Сондай-ақ, дәреклерге муўапық, ҳәр күни орташа рус тилиндеги 300 блог дизимнен өтеди. Оларға ҳәр секундта 6 мағлыўмат жайластырылады. Әсиресе, соңғы жыллары дүнья жүзинде блоглардың хызметин раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша итибар қаратылған. 2005-жылдан баслап 31-август «Халық аралық блог күни» сыпатында белгиленеди.
Авторлар қурамына қарай блоглар жеке, топарлық (корпоративли, клублық) ҳәм жәмийетлик (ашық) болып бөлинеди. Ал, мазмуны бойынша тематикалық ямаса улыўмалық болып бөлинсе, тематикасы бойынша сиясий, саяхат, билимлендириў, мода, музыка, спорт, кино ҳәм бизнеске бағдарланған болыўы мүмкин. Оның тематикасы блогердиң қызығыўшылығына байланыслы түрлише болады.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған