Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.11.2019 00:36
  • 1132

Блогер менен журналисттиң өзгешелиги қандай?

Бүгинги күнде көпшилик ҳәттеки, айырым журналистлер де интернет журналисти менен блогердиң өзгешелигин биле бермейди. Интернет сайтларында, социаллық тармақларда белсенди болған ҳәр қандай user’ди блогер деп атаў үрдиске айланып бармақта. Сонлықтан, блог не? Оның қандай түрлери бар? Блогер ким? Интернет журналисти ким? сыяқлы сораўларға жуўап бериўге ҳәрекет етип көрмекшимиз.
Алдынғы мақаламызда блог не екенлигин ҳәм оның қандай түрлериниң бар екенлиги ҳаққында сөз еткен едик. Енди болса, блогер ким екенлигин анықластырып алсақ.

Блогер менен журналисттиң өзгешелиги қандай?
Фото: rusrand.ru


Блогер – бул блог жүргизиўши адам. Блогты бир штатлы газетаға уқсатыў мүмкин. Онда бир блогер хабаршы, бетлеўши, редактор – қулласы газета редакциясындағы барлық ўазыйпаларды бир өзи орынлайды. Қандай кәсип ийеси болыўына қарамастан, қәлеген адам блогер болыўы мүмкин. Аспаз да, шаштәрез де, шыпакер де өзиниң тараўы яки хоббийи бойынша блог жүргизиўи ҳәм оны турақлы түрде жаңалап барыўы мүмкин.
Жергиликли блогосферада белгили блогерлердиң көпшилиги қәнигелиги бойынша журналист ямаса оқытыўшылар. Сонлықтан, көпшилик журналист пенен блогерди ажырата алмайды.

Блогпост пенен мақаланың парқы қандай?
Блогпост блогерлер тәрепинен жазылады. Онда тийкарынан блогердиң пикирлери билдириледи. Мақала болса, журналист тәрепинен жазылып, ол жеке бир журналисттиң емес, ал кең жәмийетшиликтиң пикир ҳәм усынысларын сәўлелендириўи керек.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған