Алыс мәнзилге тез жетиўде ең қолайлы транспорт түри – самолёт. Көпшилик адамлар сапар алдынан өзи менен қандай буйымларды самолёт салонына алып кириў мүмкин емеслиги ҳаққында ойлайды. Сиз ушын әпиўайы болып көринген буйымлар да самолёт салонына алып кириўге руқсат етилмеўи мүмкин. Буның ушын дәслеп ҳаўа транспорты компаниясының қағыйдалары менен танысып алған мақул.
СуйықлықларСалонға 1 литрден артық ҳәр қандай суйықлықты алып кириў мүмкин емес. Бунда суў, ишимликлер, сорпа ҳәм тағы да басқалар нәзерде тутылады. Бет, аўыз, тери ҳәм шаш ушын арналған косметика қураллары да усылардың қатарына киреди.
ӨнимлерСамолётқа ҳәр қандай жейтуғын өнимлерди алып кириў мүмкин емес, шыпакерлер тәрепинен тайынланған диеталық аўқатлардан тысқары.
ДәрилерСамолётта қәлеген түрдеги дәрилерди өзиңиз бенен алып өтиўге руқсат етилмейди. Әлбетте, медициналық мақсетте буйырылған дәрилерден тысқары. Бул дәрилер емлеўхананың керекли ҳүжжетлери менен тыстыйықланған болыўы керек.
Кесетуғын, оятуғын буйымларСалонда кесетуғын ҳәм оятуғын буйымлар: әпиўайы ҳәм сувенир пышақлар, тоқыў спицалары, қайшы ҳәм сол сыяқлы буйымларды алып жүриў мүмкин емес.
ҚуралларДизимнен өткен ҳәр қандай оқ атыўшы қураллар тек багажда алып өтиўге руқсат етиледи.
Сахибжамал ЕсемуратоваСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz