
Оқыўшы-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде орынларда ҳәр түрли дөретиўшилик ушырасыўлары өткерилмекте. Усындай ушырасыўлардың нәўбеттегиси усы жылдың 23-ноябрь күни Шымбай районындағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып өтти. Онда мектеп тәрбияланыўшылары «Өзбекстан Республикасына хызметке көрсеткен артист», «Қарақалпақстан халық артисти» Жалғасбай Султабаев пенен ушырасып, оның өмири ҳәм дөретиўшилик жолы менен жақыннан танысты. Ушырасыў даўамында балалар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz