Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2019 15:16
  • 1019

Муфтий Усманхан Алимов Қарақалпақстанда

Муфтий Усманхан Алимов Қарақалпақстанда
Бүгин, 3-декабрь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәм Дин ислери бойынша комитет баслығы Абдуғофур Аҳмедов Қарақалпақстанға келди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар берди.
Сапардан гөзленген мақсет Қарақалпақстанда диний тараўда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў, имәм-хатиблер менен ушырасып, оларды қыйнап атырған машқалалар бойынша пикир алмасыў, усынысларын тыңлаўдан ибарат.
Күнниң биринши ярымында Нөкис қаласындағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешитинде республикамыздағы барлық имәм-хатиблер қатнасыўында жыйналыс болып өтти.
Муфтий Усманхан Алимов Қарақалпақстанда
Жыйналыс соңында «Вақф» қайырқомлық қоры тәрепинен имәм-хатиблерге Қураны кәрийм саўға етилди. Нөкис қаласындағы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, майыплығы болған пуқараларға болса майыплық арбашалары берилди.
Муфтий ҳәм комитет баслығының Қарақалпақстанға сапары даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...