Ноябрь айында «Өзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан бөлими ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте өткерилген илажлар даўамында тутыныўшылардың электр энергиясы тармақларына нызамсыз жалғаныў жағдайлары ҳәм электр энергиясынан пайдаланыўда нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Төрткүл районындағы «Тўрткўл қурувчи таъмир идеал» ЖШЖға қараслы гербиш өнимлерин ислеп шығарыў цехында 83,2 миллион сум, «Bodanli Acman» фермер хожалығында 13,8 миллион сум ҳәм Әмиўдәрья районындағы «Жумуртау Нерудник» ЖШЖға қараслы тас майдалаў цехында электр энергиясынан пайдаланыў бойынша 58 миллион сум қайта есапланды.
Атап өтетуғын тийкарғы тәрепи, бундай нызамға қайшы жағдайларда айырым тутыныўшылардың өзлери билип турып ислеп атырғаны болмақта, деп жазылған хабарда.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz