Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.12.2019 12:40
  • 1276

Қысқы дем алысқа қайтатуғын студентлер ушын қандай қолайлықлар жаратылады?

Қысқы дем алысқа қайтатуғын студентлер ушын қандай қолайлықлар жаратылады?
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларға қайтатуғын студентлер менен оқыўшылардың қысқы дем алыс ўақтында турақлы жасаў орынларына барып-келиўи ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жылдың 5-декабринен 22-декабрь күнине шекем, сондай-ақ, 2020-жылдың 1-январынан 6-январына шекем 50% лик шегирме тийкарында жол билетлериниң сатылыўы жолға қойылады. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Студентлер ҳәм оқыўшылар бүгиннен баслап жеңилликли жол билетлерин сатып алыўы мүмкин.
Усы дәўирде «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Uzbekistan Airways» АЖ, Транспорт министрлиги тәрепинен:
- студентлер ҳәм оқыўшылар ушын қосымша орынлар саны көбейтиледи;
- үш күнлик мүддетте жоқары оқыў орынларының басшылары тәрепинен усыныс етилген орынларда көшпели кассалар шөлкемлестириледи.
Еслетип өтемиз, быйылғы оқыў жылы ушын қысқы дем алыс усы жылдың 20-декабрь күнинен 2020-жылдың 6-январь күнине шекем даўам етеди.
2020-жыл 6-январь – дүйшемби оқыўдың биринши күни етип белгиленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған